Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

22

42 отряд баслығы не ушын бир жылдан берли ис ҳақысын алмады?


Қараɵзек районы əдиллик бɵлими тəрепинен пуқаралар З.К., Р.А., Қ.Қ. ҳәм Б.Т. лардың ис ҳақылары берилмегенлигинен наразы болып, жоллаған мүрəжаты үйренип шығылды.
Үйрениў даўамында, З.К., Р.А., Қ.Қ., Б.Т. ҳәм басқа 38 пуқара 2019-жыл пахта терими мəўсиминде теримшилердиң отряд баслығы болып ислегенлиги ҳəмде ислеген дəўирлери ушын жәми 47.185.000  сум ис ҳақылары тɵлеп берилмегенлиги анықланды.
Ɵзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 9-сентябрь күнги 752-санлы қарарына муўапық, пахта жыйым-терими мəўсиминде
(пахта-тоқымашылық ислеп шығарыў шɵлкемлери ҳəм кластерлер жумыс жүритип атырған аймақлардан тысқары) ўақтыншалық жумыссыз пуқаралардан тайынланатуғын терим отряды баслықларына ҳəр айда 2 млн сумнан ҳəмде тәжрийбе ретинде шɵлкемлестирилип атырған пахта терим орайларының баслықлары (менеджерлери)не ҳəр айда 3 млн сумнан шеклеў ретинде пуқаралық-ҳуқықый шəртнамалар тийкарында Ɵзбекстан Республикасы Бəнтлик ҳəм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Жəмийетлик жумыслары қоры қаржылары есабынан мийнет ҳақы тɵлеў ҳаққындағы усынысы мақулланған.
Бирақ, усыған қарамастан Қарақалпақстан Республикасы Бəнтлик ҳəм мийнет қатнасықлары министрлиги тəрепинен тийисли қаржылар ажыратылмағанлығы себепли, 42 отряд баслықларының айлық ис ҳақылары дерлик 1 (бир) жылдан берли тɵлеп берилмеген.
Қараөзек районы әдиллик бөлими араласыўы нәтийжесинде усы жылдың июль айында отряд баслықларының 47.185.000 сум ис ҳақылары нақ пулда өндирилип берилди.
Анықланған нызамбузылыў жағдайларын келешекте болдырмаў ҳәм нызам бузылыў жағдайларына жол қойған хызметкерлерге шара көриў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Бəнтлик ҳəм мийнет қатнасықлары министрлигине усыныс киритилди.

Қараөзек районы әдиллик
бөлими баслығы
О.Джуманиязов