Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

22

Нызамшылықтағы_жаңалықлар


Оқытыӯшылардың искерлигине араласқанлығы ушын жуӯапкершилик белгиленди
«Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиӯ ҳаққында»ғы Нызам (ЎРҚ-629-сан, 21.07.2020-ж.) Президент тәрепинен қол қойылды.
Нызам менен бир қатар нызамлар ҳәм кодекслерге тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Ата айтқанда, «Ҳәкимшилик жуӯапкершилик ҳаққында»ғы кодекс (https://www.lex.uz/acts/97664) 197⁵ - статья менен толықтырылды.
Оған көре, билимлендириӯ мәкемелери педагог хызметкердиң кәсиплик искерлигине нызамға қайшы түрде араласыӯ ямаса билимлендириӯ мәкемеси педагог хызметкердиң хызмет ӯазыйпаларын орынлаӯға тосқынлық етиӯ жуӯапкершиликке себеп болыӯы белгиленди.
Бундай ҳуқықбузарлық ушын:
- пуқараларға базалық есаплаӯ муғдарының (БЕМның) 5 есесинен 7 есесине шекем (1 млн 115 мың сумнан 1 млн 561 мың сумға шекем);
- лаӯазымлы шахсларға болса БЕМның 7 есесинен 10 есесине шекем муғдарында (1 млн 561 мың сумнан 2 млн 230 мың сумға шекем) жәрийма қолланылады.
Сондай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин бир жыл даӯамында қайта исленсе:
- пуқараларға БЕМның 7 есесинен 10 есесине шекем (1млн 561 мың сумнан 2 млн 230 мың сумға шекем);
- лаӯазымлы шахсларға болса БЕМның 10 есесинен 15 есесине шекем муғдарда (2 млн 230 мың сумнан 3 млн 345 мың сумға шекем) жәрийма қолланыӯы мүмкин.
Усы ҳуқықбузарлық исленгенде билимлендириӯ мәкемесиниң педагог хызметкери ҳәкимшилик баянлама дүзбестен өз арзасында ҳуқықбузардың шахсы, ҳуқықбузарлық исленген орны, ӯақыты ҳәм оның әҳмийети ҳаққындағы мағлыӯматларды ҳәмде басқа зәрүр болған мағлыӯматларды көрсеткен ҳалда судқа мүрәжат етиӯ ҳуқықына ийе.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыӯшылық бөлими