Янгиликлар
22
Нызамшылықтағы_жаңалықлар
Пәрманға муӯапық, 2020-жылда Салық комитети тәрепинен белгиленген жағдайларда, салық төлеӯшилерге салық есабатларын усыныӯ мүддетлерин 5 күннен көп болмаған мүддетке кешиктиргенлиги ушын жәрийма салынбайды.
Президенттиң 2020-жыл 18-майдағы ПФ-5996-сан Пәрманында (https://lex.uz/docs/4815474) белгиленген төмендеги салық жеңилликлери ҳәм преференциялары 2020-жыл 31-декабрьға шекем узайтырылады:
- мал-мүлк салығы ҳәм жер салығын төлеӯден азат етиӯ бойынша белгиленген жеңилликлер:
- киши исбилерменлик субъектлери;
- базарлар ҳәм саӯда комплекслери, кинотреатрлар, улыӯма аӯқатланыӯ кәрханалары, жәмийетлик транспорт кәрханалары, спорт-саламатластырыӯ мәкемелери, сондай-ақ жолаӯшы тасыӯ, турмыслық хызмет көрсетиӯ, имаратларды, соның ишинде банкетлер өткериӯ ушын ижәраға бериӯ искерлиги менен шуғылланыӯшы шахслар ушын;
- социаллық салық ставкасын 12 проценттен 1 процентке төменлетиӯ бойынша микрофирма ҳәм киши кәрханалар ушын берилген жеңилликлер;
- бажыхана органларына мүрәжат еткен күнге шекем 1 жылдан кем болмаған мүддет даӯамында сыртқы искерликти әмелге асырып атырған микрофирма ҳәм киши кәрханаларға, кейин ала кешиктирилген сумманы 120 күн даӯамында тең үлеслерде төлеӯ шәрти менен, товарларды алып кириӯде өндирилетуғын бажыхана бажы ҳәм акциз салығын төлеӯ мүддетин кешиктирип усыныӯ;
- микрофирма ҳәм киши кәрханаларда 2020-жыл 15-май жағдайына салықлар, пенялар ҳәм салық нызамшылығын бузғанлығы ушын есапланган жәриймалар бойынша бар болған қарыздарлықты өндириӯди тоқтатыӯ.
Улыӯма аӯқатланыӯ кәрханалары социаллық салықтың төменлетилген ставкасын жумысшылардың санына қарамастан қоллайды.
Аудиторлар, риэлторлар, баҳалаӯшылар, актуарийлер, дәрихана ҳәм олардың филиаллары баслықлары, туристлик шөлкемлердиң жумысшылары ҳәм гидлер (экскурсоводлар), шет тиллерге оқытыӯшылардың 2020-жыл 1-мартта тамамланған маманлық сертификатлары мүддети нәӯбеттеги маманлық имтиханларды өткериӯ сәнесине шекем узайтырылады.
«Мәҳәлле» жәмийетлик қоры, «Сақаӯат ҳәм көмек» қоры, Өзбекстан мийрим-шәпәәт ҳәм саламатлық» жәмийетлик қоры, соның ишинде олардың аймақлық бөлимлерине бийғәрез жәрдем бериӯ бөлегинде пайда салығы, қосылған қун салығы, айланбадан алынатуғын салық ҳәм физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы бойынша жеңилликлердиң әмел етилиӯи 2020-жыл 31-декабрьға шекем узайтырылды.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыӯшылық бөлими