Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

22

2020-ЖЫЛ 1-ЯРЫМ ЖЫЛЛЫҒЫ ДАЎАМЫНДА ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ƏДИЛЛИК МИНИСТРЛИГИ ТƏРЕПИНЕН ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛҒАН ЖУМЫСЛАРЫ БОЙЫНША ЕСАБАТЫ


Бирден бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысларын муўапықластырыў, мәмлекетлик уйымлары жумысларында ҳуқықты қоллаў әмелиятын басқышпа-басқыш тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў әдиллик уйымларының тийкарғы ўазыйпалары есапланады.
Усы жылдың 6 айы даўамында министрлик ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтатуғын болсақ, Инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында:
Жәми 2 мың 300 ге жақын мүрәжат келип түсип, судларға 1 млрд 800 млн сумлық даўа арзалар киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленди.
Әдиллик министрлигине келип түскен мүрәжатлардың басым көпшилиги мийнет, үй-жай, социаллық қорғаў ҳәмде жер ажыратыў мәселелери менен байланыслы.Нызамлардың дурыс орынланыўы ҳәм ҳуқықты қоллаў әмелияты бойынша 365  үйрениў ҳәм мониторинглер өткерилип, 17 мың 600 ден аслам нызамбузыўшылық  жағдайлары  анықланды.
Үйрениўлер нәтийжесинде 2020-жылдың 1-ярым жыллығы даўамында мәкеме ҳәм шөлкемлерге жәми 508 усыныслар киргизилип, бул усынысларға тийкар, мәмлекетлик уйымлардың 29 қарарлары бийкар етилди, 105 шахсларға қарата интизамий жаза шаралары қолланылған, киритилген усыныслар тийкарында 4 млрд. 785 млн. 484 мың сум пул қаржылары қайтарылған, 74 шахслар ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған, жынайый ис қозғаў ҳаққында 4 усыныслар тийисли уйымларға киритилген,  сондай-ақ, тийисли тәртипте 990 ескертиўлер киритилген.  
Ҳуқықый хызмет көрсетиў тараўында Мәмлекетлик нотариал кеңселери тәрепинен халқымызға дерлик 58 мың нотариал хызметлер  көрсетилип, Қарақалпақстан Республикасы БЮДЖЕТИНЕ 15 млрд.тан   аслам қаржы түсирилди.
Адвокатура тараўында:
Министрлик тәрепинен 129 адвокатлық бюро, 5 адвокатлық фирма ҳәмде 2 адвокатлаық коллегия мәмлекетлик дизимнен өткерилген.
Юридикалық хызметлердиң жумысларын муўапықластырыў тараўында:
Бүгинги күнде мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлерде 265 юрист бар болып, олардың 43 и 2020-жылда Әдиллик министрлигинен сәўбеттен өткерилип, лаўазымға тайынланды.  
Сондай–ақ, олардың тәжрийбесин арттырыў мақсетинде 7 юристлердиң маманлығы асырылып, 13 юристке арнаўлы мәртебе дәрежелери берилди.
Ҳуқықый экспертиза тараўында:
Әдиллик министрлиги ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм
район (қала) ҳәкимликлериниң 60 норматив түстеги қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилип мәмлекетлик есапқа алынды.
Белгиленген талапларға әмел етпей усынылған 7 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилмей қайтарылды.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық тараўында:
Жаңадан қабыл етилген норматив-ҳүжжетлерди орынлаўшыларға өз ўақтында жеткерип бериў, халық пенен тығыз байланысты тәмийинлеў, олардың машқалаларын үйрениў ҳәмде ҳуқықый мәсләҳат бериў мақсетинде үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Атап айтқанда, министрлик тәрепинен 2020-жыл 1-ярым жыллығы даўамында 9220 үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылды. Усыннан, 6987 си ғалаба хабар қураллары арқалы, 1525 аўызеки ҳәмде 708 көргизбели ҳәм жазба ҳуқықый үгит нәсият жумысларын курайды.
Сонын менен бир қатарда, “Көшпели қабыллаў”лар, “Ҳуқықый билимлер күни”, “Сиз ҳәр дайым ардақлаўдасыз” ҳәмде “Стрит лаў” жойбарлары өткерилди.
Буннан тысқары, “Мигрантқа ҳуқықый жәрдем” жойбары бойынша республикамызда жайласқан авто ҳәм темир жол вокзалларында сырт елге жумыс ислеўге кетип баратырған мигрантларға адам саўдасына қарсы гүресиў, мигрантлардың ҳуқықлары ҳәм миннетлерин түсиндириў бойынша ушырасыўлар өткерилип, тарқатпа материаллар (буклет, флаерлер) тарқатылды.
Сондай-ақ, усы жылы январь айында Өзбекстан Республикасы Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен  Самарқанд қаласында өткерилген әдиллик системасында ислеўши хызметкерлер ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери арасында ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы бойынша өткерилетуғын “Жылдың ең жақсы әдиллик хызметкери” таңлаўында министрликтиң бөлим баслығы Исатай Алдабергенов сыйли екинши орынды ҳәмде Беруний районы әдиллик бөлими “Жылдың ең жақсы әдиллик бөлими” таңлаўында сыйлы екинши орынды ийеледи.
Бүгинги сынаўлы күнлерде халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын асырыўда министрлик хызметкерлери тәрепинен министрликтиң рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлары арқалы турақлы рәўиште онлайн ҳуқықый мәсләҳәтлер берилип келинбекте.
Әлбетте, орынлаўымыз лазым болған жумысларымыз көп!
Инсан ҳуқықларын қорғаў, халыктын ҳуқықый мәдениятын жәнеде жоқарылатыў, ҳуқықты дурыс қоллаў, халыққа сапалы ҳуқықый хызмет көрсетиў, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң мәмлекет ҳәм жәмийет турмысындағы орнын еледе асырыў бағдарында
ис-режелеримизди белгилеп алғанбыз.

Шөлкемлестриў-қадағалаў ҳәм таллаў
ислери бөлими баслығы                        
З.Ходжахметов