Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

22

Қарақалпақстан Республикасы район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен 2020-жыл 6 (алты) айы даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында МАҒЛЫЎМАТ


Усы жылдың 1-ярым жыллығы даўамында Қарақалпақстан Республикасы район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылды.
Бөлимлерге 2020-жылдың 6  айы даўамында 2 мың 113  мүрәжат, соннан көшпели ҳәм жеке қабыллаўларда 1221 мүрәжат келип түсти. Мүрәжатлар белгиленген тәртипте көрип шығылып, 1024 мүрәжат қанаатландырылды, 286 на ҳуқықый түсиник берилди.
Әдиллик бөлимлери тәрепинен 170 үйрениўлер өткерилди ҳәм оларда 15 мың 506 нызамбузылыў жағдайлары анықланды.
Анықланған нызамбузылыў жағдайлары бойынша 1 мың 995 тәсир шаралары, яғный 447 усыныс, 983 ескертиў, 3 жынайый усыныс, 85 ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў бойынша усыныс ҳәм 1 млрд. 683 млн. сумлық 477 даўа арзалары киргизилди, соннан
1 млрд. 479 млн. 850 мың сумлық 428 даўа арзалар қанаатландырылған болса, усынысларға тийкар мәмлекетлик уйымлардың 21 қарары бийкар етилди, 92 шахсларға қарата интизамий жаза шаралары қолланылды, 3 млрд. 405 млн. 235 мың сум пул қаржылары қайтарылған болса, 69 шахслар ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды.  
Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органлары тәрепинен ҳуқықый экспертизадан өткериў ушын 58 қарар жойбарлары келип түсти, соннан 53 қарарға ҳуқықый жуўмақ берилди, 5 қарар жойбары белгиленген тәртипте усынылмағанлығы себепли қайтарылды.
Мәмлекетимизде жаңадан қабыл етилген норматив ҳуқықый ҳүжжетлер “республика-ўәлаят-район-мәҳәлле” принципи бойынша
11125 норматив ҳүжжетлер 656 мәмлекетлик органлары ҳәм шөлкемлерине жеткерилди.
Район-қала әдиллик бөлимлери хызметкерлери тәрепинен 7 мыңға жақын  ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылды. Соннан ғалаба хабар қуралларында 4918 шығыўлар әмелге асырылған болса, орынларда мәнзилли түрде 1404 аўызеки, 664 көргизбели ҳәм жазба үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Үгит-нәсият жумысларын алып барыўда көргизбели қураллардан, яғный слайдлар, анимацион роликлер, буклет, флаерлерден пайдаланыў жолға қойылды.
Мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлердиң район (қалалық) бөлимлери хызметкерлериниң ҳуқықый билимлерин жоқарылатыў мақсетинде тастыйықланған график тийкарында бийпул мәсләҳәт курслары өткерип келинбекте.
        
Шөлкемлестриў-қадағалаў ҳәм таллаў ислери
бөлими жетекши мәсләҳәтшиси                          
А.Бекжанов