Янгиликлар
21
Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги дүзилди
«Ѳзбекстан Республикасида коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў бойынша қосымша шара-илажлар ҳаққында» Президент Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға муўапық, Ѳзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги (Агентлик) дүзилди.
Агентлик коррупцияныӊ алдын-алыў ҳәм оған қарсы гүресиў саласында мәмлекетлик сиясатын қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыўда арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымы болып есапланады.
Агентлик Президентке бойсынады ҳәм Олий Мәжлис палаталары алдында есап береди.
Пәрман менен Агентликтиӊ тийкарғы ўазыйпалары ҳәм хызмет бағдарлары белгиленди. Атап айтқанда, Агентлик мәмлекетте коррупция жағдайын системалы анализ етиўди тәмийнлейди.
Агентлик коррупцияға тийисли, биринши гезекте, Ѳзбекстанныӊ миллий мәплерине ҳәм халық-аралық имиджине зыян жеткизиўши жынаятларға тергеў етиў нәтийжелерин комплекс анализ етеди.
Агентликке, сондай-ақ тѳмендеги бир қатар ҳуқықлар берилди:
бюджет қаржыларыныӊ сарыпланыўын, мәмлекетлик активлериниӊ реализация етилиўин, мәмлекет сатып алыўшылықлары, инвестиция жойбарларын әмелге асырылыўы ҳәм мәмлекет бағдарларыныӊ орынланыўы менен байланыслы материалларды талап етиў, алыў ҳәм үйрениў;
физикалық ҳәм юридикалық шахслардыӊ коррупция мәселелери бойынша мүрәжетлерин кѳрип шығыў ҳәмде олардыӊ бузылған ҳуқықларын тиклеў ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша шаралар кѳриў;
коррупцияға тийисли ҳуқықбузыўшылықлар бойынша ҳәкимшилик сорастырыўлар ѳткизиў;
атқарыў ҳәкимияты ҳәм хожалық басқарыўы органлары ҳәмде олардыӊ лаўазымлы шахслары қарарларында коррупция белгилери анықланған жағдайларда олардыӊ орынланыўын тоқтатыў яки бийкар етиў ҳаққында кѳрип шығылыўы мәжбүрий болған усынысларды киргизиў.
Агентликтиӊ ескертиў, усыныс ҳәм мүрәжетлери он күн ишинде кѳрип шығылыўы ҳәм нәтийжелери жүзесинен жазба хабар берилиўи шәрт.
Елликқала районы әдиллик бѳлими бас мәсләҳәтшиси
Н.Н.Тайров