Янгиликлар
20
Кегейли районы əдиллик бөлими тәрепинен 2020-жыл I ярым жыллығы даўамында исленген жумыслар
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018 жыл 13 апрелдеги Мəмлекетлик ҳуқықый сиясатты əмелге асырыўда əдиллик уйымлары ҳəмде мәкемелери жумысларын түп тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққындағы ПП-5415-санлы Пəрманы менен район(қала) əдиллик бөлимлери шөлкемлестирилди.
Əдиллик бөлимлериниң тийкарғы ўазыйпалары: ҳəкимлерге ҳəмде мəмлекетлик уйымлары ҳамде шөлкемлериниң районлар(қалалар) бөлимлерине нызамлар ҳəм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди қоллаў мəселелери бойынша мəслəҳәтлер бериў,мəмлекетлик уйымлары ҳамде шөлкемлериниң район(қала) бөлимлериниң нызамлар ҳəм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер орынланыўын шөлкемлестириў бойынша искерлигине методикалық басшылық қылыў ҳəмде муўапықластырыў, қабыл етилип атырған нызамлар ҳəмде баска норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мəнисин ҳəм əҳмийетин районларбөлимлериндеги орынлаўшыларға жеткериў, «республика— ўəлаят — район — мəҳалле» принципи бойынша ҳүкықый үгит насият ҳəмде халықтың ҳуқықый саўатсызлығына шек қойыў бойынша, сол қатарда ҳуқықты қорғаў ҳəмде суд уйымлары менен биргеликте ис-илажларды əмелге асырыў, районлар (қалалар) ҳəкимлери ҳəмде халық депутатлары Кеңеслериниң қарарларын нызам ҳүжжетлерине, мəмлекетимизде əмелге асырылып атырған реформалардың мақсет ҳəмде ўазыйпаларына муўапықлығы көз қарасынан ҳуқықый экспертизадан өткериў, ҳуқықты қоллаў əмелиятын ўйрениў ҳəмде анализлеў, оның турақлылығы ҳəмде бир қыйлылығын тамийинлеў бойынша усынысларды ислеп шығыў, инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша ис-илажларды əмелге асырыў, өз ўəкилликлери шеңберинде физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатларын қөрип шығыў, мəмлекетлик уйымлар ҳəмде шөлкемлериниң қала(район) бөлимлеринде ҳуқықый ислердиң жағдайын мониторинг етиў, сондайақ, олардың юридикалық хызметлери искерлигин муўапықластырыў, қадағалаў ҳəм методикалық тəмийинлеў белгиленген.
Кегейли районы əдиллик бөлими тəрепинен 2020-жыл I ярым жыллығы даўамында төмендеги жумыслар əмелге асырылды.
Бөлим тəрепинен физикалық ҳəмде юридикалық шахслардың машқалаларын орынларда шешиў ҳəмде нызам ҳужжетлерине тийкар ҳуқықый түсиниклер бериў мақсетинде көшпели қабыллаўлар өткериў белгиленген болып, ҳуқыкты қорғаў уйымлары ҳəмде басқада тийисли уйымлар ҳəм шөлкемлер менен биргеликте район аймағында жайласқан АПЖ, ҳəм МПЖларда район аймағында карантин жарияланғанлығы себепли 2020-жыл 24-март күнине шекем жəми 5 көшпели қабыллаўлар өткерилди.
Кошпели қабылаўларда пуқараларды қызықтырған маселелер бойынша ҳуқықый түсиник жумыслары алып барылды ҳəмде нызам ҳүжжетлери бойынша ҳүқықый үгит нəсият жумыслары алып барылып, пуқаралардың мүрəжаатлары қабылланды ҳəмде шешилди.
Бөлимге көшпели қабыллаўлар ҳəмде тиккелей физикалық шахслардан 2020-жыл 1-июль ҳалатына түрли мəселелер бойынша 59 мүрəжатлар келип түсип соннан 48 мүрәжат қанаатлантырылып 90 пайызға ерисилди, соның ишинде 17 дана мүрәжат бойынша ис ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлерге байланыслы Шымбай районлар аралық пуқаралық ислери бойынша судына суд буйрығын шығарыў ушын арза киритилип, суд буйрығы 96 миллион сумға пуқаралардың пайдасына шешилип қанаатландырылды, 6 мүрəжатқа ҳуқықый тусиник берилди, 5 мүрәжаат тийислилиги бойынша мəмлекетлик уйымларға шешиў ушын жиберилди.
Бөлим тəрепинен мəмлекетлик уйымлар ҳəм шөлкемлерде Нызам ҳүжжетлерине бойсынылыўы ҳəмде ҳуқықты қоллаў əмелияты бойынша 13 үйрениўлер ҳəмде 3 мекемеде мониторинг өткерилип үйрениўлерде 969 нызамбузыўшылық ҳалатлары анықланды.
Усы үйрениўлер нәтийжесинде сондай-ақ Бөлим тəрепинен өткерилген үйрениўлер, мониторинглер, пуқаралардың мүрəжаатлары жүзесинен, тапсырма хатлар ҳəм буйрықлар орынланыўын тәмийнлеў жүзесинен мəмлекетлик уйымлар ҳəм шөлкемлерге “Нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы, олардың себеплери ҳәм оған алып келиўши шәрт-шараятларды сапластырыў ҳаққында”24 усыныслар, сондай-ақ “Нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы мүмкин емеслиги ҳаққында” 103 ескертиўлер, Нызамбузыўшылыққа жол қойған жуўапкер шахслардың ҳәкимшилик жуўапкершилик мәселесин көрип шығыў ушын, 8 ҳəкимшилик жуўапкершиликке тартыў бойынша усыныслар берилип, усыныслар нəтийжесине көре 7 хызметкер ҳəкимшилик жуўапкершиликке тартылды, 7 хызметкер интизамый жуўапкершиликке тартылды.
Юридик хызметлерди муўапықластырыў жөнелисинде район аймағындағы район ҳəкимлиги ҳəмде 7 мəмлекетлик уйымларда юридик хызметлер шөлкемлестирилген болып, ҳəммесинде жоқары юридик мағлыўматқа ийе хызметкерлер ислемекте.
Ислеп атырған юридик хызмет хызметкерлериниң 7 аттестациядан өткерилип келинбекте.
Бөлим ис режесине муўапық район мəденият бөлиминде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017 жыл 19 январдағы ПҚ-2733-санлы Қарары ҳəмде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017 жыл 1 майдағы 250-санлы қарары менен тастыйықланған Юридик хызметлерди шөлкемлестириўдиң минимал нормативлерине ҳəмде талапларына муўапық шөлкемлестирилгенлиги жағдайы үйренилип үйрениў нəтийжесине көре бир қатар нызамбузылыўшылық жағдайлары анықланып, келешекте нызам бузыўшылық ҳалатларына жол қоймаў бойынша усыныслар киритилип лаўазымлы шахслар ҳамде хызметкерлер ҳəкимшилик жуўапкершиликке тартылды.
Бөлимниң районлар (қалалар) ҳəкимлери ҳəмде халық депутатлары Кеңеслериниң қарарларын нызам ҳүжжетлерине, мəмлекетимизде əмелге асырылып атырған реформалардың мақсет ҳəмде ўазыйпаларына муўапықлығы көз қарасынанҳуқықый экспертизадан өткериў ўазыйпасына муўапық район ҳакимниң 7 норматив түстеги қарар жойбары ҳуқықый экпертизадан өткерилип жуўмақ берилди.
Жəмийетде ҳуқықый сана сезим ҳəмде ҳуқықый мəдениятты артыррыў ҳəмде халықтың ҳуқықый саўатханлыгын асырыў мақсетинде брифинг материаллары ҳəмде жаңадан қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлерине тийкар мəхəлле, билимлендириў мекемелери ҳəмде мийнет жəмматлеринде ҳүкықый үгит насият илажлары алып барылды ҳəмде даўам етпекте.
Сондайақ, бөлим тəрепинен телеведение, радио, веб-сайт, газеталарда шығыўлар қылынды.
Райондағы 32 мекеме ҳəмде шөлкемлерге 654 қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлери электрон бирге ислесиў арқалы жеткерип берилди.
Райондағы бир қатар мекеме ҳəмде шөлкемлерде хызметкерлер ушын нызамшылық ҳүжжетлери бойынша мəслəҳат курслары өткерилди.
Пуқаралардың ҳуқықый сана сезими ҳəмде ҳуқықый мəденият дəрежесин анықлаў бойынша 60 дан артық сораўнамалар өткерилди.
Бөлим тəрепинен нызам ҳүжжетлерин жəнеде жетилистириў бойынша усыныслар берип келинбекте.