Янгиликлар
20
Тақыятас районы әдиллик бөлими тәрепинен 2020-жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша мәлимлеме
Бүгинги күнде мәмлекетимизде барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Сол қатарда Әдиллик органлары системасын тәртипке салыў бойынша да бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.
Президентимиздиң 2018-жыл 13-апрель күнги 5415-санлы Пәрманы менен Әдиллик министрлиги жумысларын жетилистириў тараўында реформалар әмелге асырылып, министрлик тарийхында биринши мәрте район (қала) әдиллик бөлимлери шөлкемлестирилди ҳәм оларға төмендегише ўазыйпалар жүклетилди: Атап айтқанда;
- ҳәкимлерге ҳәм мәмлекетлик органларына нызамлар ҳәмде норматив - ҳуқықый ҳүжжетлерди қоллаў мәселелери бойынша мәсләҳәт лер бериў;
- қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм норматив - ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун - мәнисин «республика-ўәлаят-район-мәҳәлле» принципи бойынша халыққа жеткериў;
- ҳәкимлер ҳәм ха лық депутатлары кеңеслериниң қарарларын ҳуқықый экспертизадан өткериў;
- ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў, анализлеў ҳәм усынысларды ислеп шығыў;
- өз ўәкиллик шеңберинде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў ўазыйпалары жүклетилген.
Бирден бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысларын муўапықластырыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жумысларында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил ҳәм бир түрде тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў әдиллик уйымларының тийкарғы ўазыйпасы есапланады.
Бул бағдарда 2020-жылдың 6 айы даўамында министрлик ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, Инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында:
Жәми 55 мүрәжат келип түсип, судларға 44 млн. 473 мын сумлық даўа арзалар ҳәм 999 млн 277 мың 735 сӯмлық усыныслар киритилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленди.
Әдиллик бѳлимине келип түскен мүрәжатлар анализленгенде ең көп мүрәжатлар мийнет, үй-жай, социаллық қорғаў ҳәмде жер ажыратыў мәселелерине байланыслы екенлиги анықланды.
Нызамлардың дурыс орынланыўы бойынша 12 ге жақын үйрениўлер өткерилип, 230 ға жақын нызам бузыўшылық жағдайлары анықланды.
Үйрениўлер нәтийжесинде 2020-жылда мәкеме ҳәм шөлкемлерге жәми
12 усыныслар киргизилип, бул усынысларға тийкар, 999 млн. 278 млн. сум пул қаржылары қайтарылған.
Юридикалық хызметлердиң жумысларын муўапықластырыў тараўында:
Бүгинги күнде Тақыятас районы мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлерде
12 юрист бар болып, олардың 12 си 2020-жылда Әдиллик министрлигинен сәўбеттен өткерилип, лаўазымға тайынланды.
Ҳуқықый экспертиза тараўында:
Әдиллик министрлиги ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен район ҳәкимлигиниң 1 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилип мәмлекетлик есапқа алынды.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық тараўында:
Пуқаралардың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўға байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин және де асырыў, пуқаралардың жәмийетлик-сиясий өзгерислер менен сәйкес түрде ҳуқықый билимлерин асырып барыўдың заманагөй усылларын енгизиў мақсетинде 2019-жылдың 9-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5618-санлы Пәрманы қабыл етилди. Пәрман менен “Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў Концепция”сы тастыйықланды. 2020-жылдың 6 айы даўамында район әдиллик бөлими тәрепинен 230 дан аслам үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Халыққа бийпул ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў мақсетинде орынларда “Әдиллик сейил”лери, көшпели қабыллаўлар, пуқаралардың ҳуқықый билимлерин асырыў мақсетинде “Ҳуқықый билимлер күни”, “Стрит лау” жойбарлары өткерилди. Жаслар ортасында “Жаслар ҳәм нызам”, “Мен сайлаўға таярман”, “Коррупция раўажланыў тосығы” сыяқлы көрик таңлаўлар шөлкемлестирилди.
Ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў жағдайы бойынша атап өтсем.
Әдиллик министрлиги тәрепинен мәмлекетлик уйымлардың ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў тийкарынан норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер орынланыўын тәмийинлеў, надурыс ямаса қарама-қарсылықлы қоллаў әмелиятына алып келетуғын нормаларды өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша әмелге асырмақта.
Усы бағдар бойынша министрлик тәрепинен 10 нан аслам норматив ҳуқықый ҳүжжетлер анализленди, 2 тараўда ҳуқықты қоллаў әмелияты үйренилди ҳәм 100 ге жақын нызамбузыўшылық жағдайлары анықланды.
Үйрениўлер нәтийжесинде тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлерге усыныс киргизилип, киргизилген усынысларға тийкар, мәмлекетлик органларының қарарлары нызамға муӯапықластырылды.
Нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы, ҳуқықты қоллаў хызметиниң нәтийжелиги бойынша жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў мақсетинде бѳлим тәрепинен турақлы түрде сораўнамалар өткерилмекте.
Үйрениўлер даўамында анықланған нызамбузылыў жағдайларын сапластырыў мақсетинде тәсир шараларын қоллаў менен шекленбестен, әмелдеги нызам-ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша усыныслар берилди.
Әлбетте, орынлаўымыз лазым болған жумысларымыз көп!
Биз ҳуқықты қоллаў, халықтың ҳуқықый билимин асырыўда
2020-жылда әмелге асыратуғын тийкарғы жумысларымызды белгилеп алдық. Әлбетте, бул бағдарда ҳәр бир мәмлекетлик уйымларды биз бирге ислесиўге шақырып қаламыз.
Тақыятас районы әдиллик бѳлими баслығы
М.Сейтимбетов