Янгиликлар
20
Мойнақ районы әдиллик бөлими тәрепинен 2020-жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша мәлимлеме
Бүгинги күнде мәмлекетимизде барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Сол қатарда Әдиллик органлары системасын тәртипке салыў бойынша да бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.
Президентимиздиң 2018-жыл 13-апрель күнги 5415-санлы Пәрманы менен Әдиллик министрлиги жумысларын жетилистириў тараўында реформалар әмелге асырылып, министрлик тарийхында биринши мәрте район (қала) әдиллик бөлимлери шөлкемлестирилди ҳәм оларға төмендегише ўазыйпалар жүклетилди: Атап айтқанда;
- ҳәкимлерге ҳәм мәмлекетлик органларына нызамлар ҳәмде норматив - ҳуқықый ҳүжжетлерди қоллаў мәселелери бойынша мәсләҳәт лер бериў;
- қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм норматив - ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун - мәнисин «республика-ўәлаят-район-мәҳәлле» принципи бойынша халыққа жеткериў;
- ҳәкимлер ҳәм ха лық депутатлары кеңеслериниң қарарларын ҳуқықый экспертизадан өткериў;
- ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў, анализлеў ҳәм усынысларды ислеп шығыў;
- өз ўәкиллик шеңберинде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў ўазыйпалары жүклетилген.
Бирден бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысларын муўапықластырыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жумысларында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил ҳәм бир түрде тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў әдиллик уйымларының тийкарғы ўазыйпасы есапланады.
Бул бағдарда 2020-жылдың 6 айы даўамында бөлим тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, Инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында:
Жәми 47 мүрәжат келип түсип, бул мүрәжатлар толық үйренип шығылды. Нәтийжеде, бир неше пуқаралардың ҳуқықлары бузылғанлығы анықланып, олардың бузылған ҳуқықлары тикленди ҳәмде анықланған нызамбузыўшылық жағдайларын сапластырыў бойынша 9 мекеме ҳәм шѳлкемлерге усыныс киритилди.
Әдиллик министрлигине келип түскен мүрәжатлар анализленгенде ең көп мүрәжатлар мийнет ҳәмде социаллық қорғаў мәселелерине байланыслы екенлиги анықланды.
Усы жылдың 10-май-30-июнь күнлери аралығында “Инсан ҳуқықлары - ең жоқары қәдрият” жойбары шеңберинде пуқаралардың көшпес мүлкке болған ҳуқықларына әмел етилиўи бойынша акция өткерилди.
Акция шеңберинде пуқаралардан келип түскен мүрәжатлар өзиниң унамлы шешимин тапты.
Мәселен, үйрениў нәтийжесинде Мойнақ районлық санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайынан нызамсыз түрде жумыстан босатылған 5 хызметкер бѳлим тәрепинен киритилген усыныс тийкарында жумысқа қайта тикленди. Сондай-ақ, Мойнақ районлық Жоллардан пайдаланыў УКнан жумыстан босап, ис ҳақысын алалмай жүрген 5 пуқараға ис ҳақылары толық есап китап қылынып, тѳлениўи тәмийнленди.
Нызамлардың дурыс орынланыўы бойынша 4 үйрениў өткерилип, 1084 нызам бузыўшылық жағдайлары анықланды.
Үйрениўлер нәтийжесинде 2020-жылда мәкеме ҳәм шөлкемлерге жәми 11 усыныслар киргизилип, бул усынысларға тийкар, мәмлекетлик органлардың 6 қарары бийкар етилди, киритилген усынысларға тийкар 11 млн. сум пул қаржылары қайтарылды.
Юридикалық хызметлердиң жумысларын муўапықластырыў тараўында:
Бүгинги күнде мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлерде 9 юрист бар болып, олардың екеўи 2020-жылда Әдиллик министрлигинен сәўбеттен өткерилип, лаўазымға тайынланды, 2 юрисконсультқа арнаўлы атақ-мәртебе дәрежелери берилди.
Ҳуқықый экспертиза тараўында:
Мойнақ районлық әдиллик бөлими тәрепинен район ҳәкимлигиниң 4 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилип мәмлекетлик есапқа алынды.
Белгиленген талапларға әмел етилмей қабыл етилген 1 қарар бийкар етилди.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық тараўында:
Пуқаралардың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўға байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин және де асырыў, пуқаралардың жәмийетлик-сиясий өзгерислер менен сәйкес түрде ҳуқықый билимлерин асырып барыўдың заманагөй усылларын енгизиў мақсетинде 2019-жылдың 9-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5618-санлы Пәрманы қабыл етилди. Пәрман менен “Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў Концепция”сы тастыйықланды.
2020-жылдың 6 айы даўамында бѳлим хызметкерлери тәрепинен «шахс — шаңарақ — мәҳәлле — билимлендириў мәкемеси — шөлкем — жәмийет» принципи бойынша 331 үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў жағдайы бойынша атап өтсем.
Бѳлим тәрепинен мәмлекетлик уйымлардың ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў тийкарынан норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер орынланыўын тәмийинлеў, надурыс ямаса қарама-қарсылықлы қоллаў әмелиятына алып келетуғын нормаларды өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша да бир қанша жумыслар әмелге асырмақта.
Усы бағдар бойынша бѳлим тәрепинен 10 нан аслам норматив ҳуқықый ҳүжжетлер анализленди, 4 тараўда ҳуқықты қоллаў әмелияты үйренилди ҳәм 80 ге жақын нызамбузыўшылық жағдайлары анықланды.
Атап айтқанда, исбилерменлик жумыслары ушын бос жер участкаларын электрон онлайн-аукцион арқалы ажыратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилип, бир қанша нызам бузыўшылық жағдайлары анықланды. Үйрениўлер нәтийжесинде тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлерге жәми 5 усыныс киргизилип, киргизилген усынысларға тийкар, нызам бузыўшылықларға жол қойған 2 хызметкерге интизамый жаза шарасы, 3 жуўыпкер шахсларға ҳәкимшилик жәрийма жазалары қолланылды.
Үйрениўлер даўамында анықланған нызамбузылыў жағдайларын сапластырыў мақсетинде тәсир шараларын қоллаў менен шекленбестен, әмелдеги нызам-ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша усыныслар берилди.
Әлбетте, орынлаўымыз лазым болған жумысларымыз көп!
Биз ҳуқықты қоллаў, халықтың ҳуқықый билимин асырыўда 2020-жылдың 2-ярымында әмелге асыратуғын тийкарғы жумысларымызды белгилеп алдық. Әлбетте, бул бағдарда ҳәр бир мәмлекетлик уйымларды биз бирге ислесиўге шақырып қаламыз.