Янгиликлар
20
Қоңырат районы әдиллик бөлими тәрепинен 2020-жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша мәлимлеме
Бүгинги күнде мәмлекетимизде барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Сол қатарда Әдиллик органлары системасын тәртипке салыў бойынша да бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.
Президентимиздиң 2018-жыл 13-апрель күнги 5415-санлы Пәрманы менен Әдиллик министрлиги жумысларын жетилистириў тараўында реформалар әмелге асырылып, министрлик тарийхында биринши мәрте район (қала) әдиллик бөлимлери шөлкемлестирилди ҳәм оларға төмендегише ўазыйпалар жүклетилди: Атап айтқанда;
- ҳәкимлерге ҳәм мәмлекетлик органларына нызамлар ҳәмде норматив - ҳуқықый ҳүжжетлерди қоллаў мәселелери бойынша мәсләҳәтлер бериў;
- қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм
норматив - ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун - мәнисин «республика-ўәлаят-район-мәҳәлле» принципи бойынша халыққа жеткериў;
- ҳәкимлер ҳәм халық депутатлары кеңеслериниң қарарларын ҳуқықый экспертизадан өткериў;
- ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў,
анализлеў ҳәм усынысларды ислеп шығыў;
- өз ўәкиллик шеңберинде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў ўазыйпалары жүклетилген.
Бирден бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысларын муўапықластырыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жумысларында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил ҳәм бир түрде тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў әдиллик уйымларының тийкарғы ўазыйпасы есапланады.
Бул бағдарда 2020-жылдың 6 айы даўамында Қоңырат районы әдиллик бөлими тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, бөлимге жәми 222 мүрәжат келип түскен болып, соннан 207 мүрәжат қанаатлантырылды, 7 мүрəжатке ҳуқықый түсиниклер берилди, 5 мүрəжат тийислилиги бойынша басқа органларға жиберилди, 1 мүрəжат көрместен қалдырылды, мүрәжатлар бойынша судларға 498 822 345 сумлық даўа арзалар киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленди.
Бөлимге келип түскен мүрәжатлар анализленгенде ең көп мүрәжатлар мийнет ҳәм ис ҳақы мәселелерине байланыслы екенлиги анықланды.
Нызамлардың дурыс орынланыўы бойынша 10 үйрениўлер өткерилип, 609 нызам бузыўшылық жағдайлары анықланды.
Болим тәрепинен 23 мекеме хәм кәрханаларға анықланған нызамбузыўшылық бойынша усыныслар киритилип, солардан 4 мекеме ҳәм кәрхана басшылары ҳəмде хызметкерлерине ҳәкимшилик жəрийма, 7 мекеме ҳәм кәрхана хызметкерлерине интизамий шаралар қолланылды ҳәм 25 мекеме ҳәм кәрханаларга ескертиўлер берилди ҳәмде киритилген усынысларға тийкар 8 908 879 сум пуқаралардың мийнет ис ҳақылары төлеп берилди.
Ҳуқықый экспертиза тараўында:
Әдиллик министрлиги ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм район (қала) ҳәкимликлериниң 3 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилип мәмлекетлик есапқа алынды.
Белгиленген талапларға әмел етилмегенлиги себепли 1 қарар жойбарын бийкарлаў бойынша ҳәкимликке усыныс берилди.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық тараўында:
Пуқаралардың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўға байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин және де асырыў, пуқаралардың жәмийетлик-сиясий өзгерислер менен сәйкес түрде ҳуқықый билимлерин асырып барыўдың заманагөй усылларын енгизиў мақсетинде 2019-жылдың 9-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5618-санлы Пәрманы қабыл етилди. Пәрман менен “Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў Концепция”сы тастыйықланды.
2020-жылдың 5 айы даўамында министрлик ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлери тәрепинен «шахс-шаңарақ-мәҳәлле-билимлендириў мәкемеси-шөлкем- жәмийет» принципи бойынша бир қатар үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Атап айтқанда, Бɵлим тәрепинен 2020 жыл 6 айы дауамында 593 ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Ғалаба хабар қуралларында-507 мәрте, соннан телевидение арқалы-16, радиода-12, газета ҳәм журналларда-3, веб-сайтларда 476, аўызеки түрде-62, жазба ҳәм көргизбели формада-25 мәрте сондай-ақ, 12 видеоролик ислеп шығылып үгит-нәсият иләжлары әмелге асырылды.
Ал, бүгинги күнде болса, қабыл етилген нызам ҳүжжетлерин халыққа ҳәм орынлаўшыларға жеткериў искерлигин жаңа ҳәм заманагөй усыллар жәрдеминде әмелге асырыў кереклигин ҳәмде бул бағдарда Бɵлим өзиниң жаңа жантасыўларын ислеп шығып, әмелиятқа енгизиўди талап етпекте.
Сондай-ақ, мағлыўматты жеткериў усылы сыпатында информациялық технологиялардан кең пайдаланыў жолға қойылмақта.
Интернет тармағында Өзбекстан Республикасынын нызам ҳүжжетлери мағлыўматларының миллий базасы - “Lex.UZ”дың норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң рәсмий дереклери қатарына киргизилгени халыққа ҳуқықый мәлимлеме жеткерип бериў барысындағы жумысларды еледе жанландырды.
Қоңырат районы Әдиллик бөлими баслығы
Ж.Мамбедуллаев