Янгиликлар
20
Әдиллик бөлиминиң араласыўы менен 29 пуқараның мийнет қатнасықларына тийисли ҳуқықлары тикленди
Қанлыкөл районы әдиллик бөлимине «Қанлыкөл роайоны «Агросервис» машина трактор парки» жуўапкершилиги шекленген жәмийети хызметкерлери мүрәжаат етип, 2020-жыл март, апрель, май, июнь, айлары ушын, ис-ҳақыларын төленбегенлигин билдирди. Районллық әдиллик бөлими тәрепинен мүрәжатлар тийисли тәртипте ҳүжжетлерди алыў жолы менен үйренилгенде «Қанлыкөл районы «Агросервис» машина трактор парки» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 29 хызметкердиң 2020-жыл март, апрель, май, июнь, айлары ушын жэәми 98.161.137 (тоқсан сегиз миллион бир жүз алпыс бир мың бир жүз отыз жети) сўм ис ҳақылары төленбегенлиги анықланды.
Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 154-статьясында жумыс бериўши өзиниң финанслық жағдайына қарамастан, хызметкерге орынлаған жумысы ушын ис ҳақысын белгиленген мийнет ҳақы шәртлерине муўапық усы Кодекстиң 161-статьясында көрсетилген мүддетлерде төлеўи шәрт деп көрсетилген.
Кодекстиң 161-статьясында мийнетке ҳақы төлеў мүддетлери жәмийетлик шәртнамасы яки басқа локал норматив ҳүжжетте белгиленеди ҳәм ҳәр ярым айда бир мәртеден кем болыўы мүмкин емес деп көрсетилген.
Сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1999-жыл 17-ноябрьдеги “Ис ҳақы бойынша есап-китаплар өз ўақтында әмелге асырылыўы ушын министрликлер, мекеме ҳәм хожалық жүритиўши субъектлер баслықларының жуўапкершилигин асырыўға тийисли қосымша ис-иләжлар ҳаққында”ғы 504-санлы қарарында министрлик ҳәм мекемелердиң, хожалық жүритиўши субъектлердиң биринши баслықлары ис ҳәқының өз ўақтында төлениўин тәмийинлеў ҳәм усы мақсетлер ушын нәзерде тутылған қаржылардан мақсетли пайдаланылыўы ушын тиккелей жуўапкер екенлиги белгилеп қойылған.
Жоқарыдағыларға ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 13.04.2018-жылдағы 3666-санлы Қарары менен тастыйықланған
“Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳаққында”ғы Режесине тийкар Қанлыкөл районы әдиллик бөлими тәрепинен жоқарыда көрсетилген 29 пуқараның мәпин гөзлеп, ис-ҳақыларды өндириўге суд буйрығын шығарыў ушын Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлараралық судына арзалар киритилип, нәтийжесине көре 29 пуқараның 98.161.137 (тоқсан сегиз миллион бир жүз алпыс бир мың бир жүз отыз жети) сўм ис ҳақылары өндириў бойынша суд буйрығы шығарылып өндирип берилди.
Қанлыкөл районы
әдиллик бөлиминиң баслығы
Т.Асанов