Янгиликлар
20
Қараөзек районы әдиллик бөлими тәрепинен 2020-жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша мәлимлеме
Бүгинги күнде мәмлекетимизде барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Сол қатарда Әдиллик органлары системасын тәртипке салыў бойынша да бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.
Президентимиздиң 2018-жыл 13-апрель күнги 5415-санлы Пәрманы менен Әдиллик министрлиги жумысларын жетилистириў тараўында реформалар әмелге асырылып, министрлик тарийхында биринши мәрте район (қала) әдиллик бөлимлери шөлкемлестирилди ҳәм оларға төмендегише ўазыйпалар жүклетилди: Атап айтқанда;
- ҳәкимлерге ҳәм мәмлекетлик органларына нызамлар ҳәмде норматив - ҳуқықый ҳүжжетлерди қоллаў мәселелери бойынша мәсләҳәтлер бериў;
- қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм норматив - ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун - мәнисин «республика-ўәлаят-район-мәҳәлле» принципи бойынша халыққа жеткериў;
- ҳәкимлер ҳәм ха лық депутатлары кеңеслериниң қарарларын ҳуқықый экспертизадан өткериў;
- ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў, анализлеў ҳәм усынысларды ислеп шығыў;
- өз ўәкиллик шеңберинде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў ўазыйпалары жүклетилген.
Бирден бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысларын муўапықластырыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жумысларында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил ҳәм бир түрде тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў әдиллик уйымларының тийкарғы ўазыйпасы есапланады.
Бул бағдарда 2020-жылдың 6 айы даўамында Қараөзек районы әдиллик бөлими тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, Инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында:
Жәми 77 мүрәжат келип түсип, судларға 57 млн. 700 мың сумлық даўа арзалар киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленди.
Район әдиллик бөлимине келип түскен мүрәжатлар анализленгенде ең көп мүрәжатлар мийнет, үй-жай, социаллық қорғаў ҳәмде алимент өндириў мәселелерине байланыслы екенлиги анықланды.
Нызамлардың дурыс орынланыўы бойынша 3 үйрениў ҳәм 5 мониторинглер өткерилип, 166 жақын нызам бузыўшылық жағдайлары анықланды.
Үйрениўлер нәтийжесинде 2020-жылда мәкеме ҳәм шөлкемлерге жәми 21 усыныслар киргизилип, бул усынысларға тийкар, 55 млн. сум пул қаржылары қайтарылған болса, 2 пуқара өз жумыс орнына қайта тикленди.
Юридикалық хызметлердиң жумысларын муўапықластырыў тараўында:
Бүгинги күнде район аймағында жайласқан мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлерде 8 юрист бар болып, 2020-жылда 2 юрист өз мамаелығын асырып, 1 юрист Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинен аттестациядан өткерилди.
Ҳуқықый экспертиза тараўында:
Район әдиллик бөлими әрепинен район ҳәкимликлериниң
3 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилип тийисли тәртипте жуўмақлар берилди.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық тараўында:
Пуқаралардың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўға байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин және де асырыў, пуқаралардың жәмийетлик-сиясий өзгерислер менен сәйкес түрде ҳуқықый билимлерин асырып барыўдың заманагөй усылларын енгизиў мақсетинде 2019-жылдың 9-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5618-санлы Пәрманы қабыл етилди. Пәрман менен “Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў Концепция”сы тастыйықланды.
2020-жылдың 6 айы даўамында район әдиллик бөлими тәрепинен «шахс — шаңарақ — мәҳәлле — билимлендириў мәкемеси — шөлкем — жәмийет» принципи бойынша 256 үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Халыққа бийпул ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў мақсетинде орынларда көшпели қабыллаўлар, пуқаралардың ҳуқықый билимлерин асырыў мақсетинде “Ҳуқықый билимлер күни”, “Стрит лау” жойбарлары өткерилди.
Ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў жағдайы бойынша атап өтсем.
Бөлим тәрепинен мәмлекетлик уйымлардың ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў тийкарынан норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер орынланыўын тәмийинлеў, надурыс ямаса қарама-қарсылықлы қоллаў әмелиятына алып келетуғын нормаларды өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша әмелге асырмақта.
Усы бағдар бойынша бөлим тәрепинен 10 нан аслам норматив ҳуқықый ҳүжжетлер анализленди, 1 тараўда ҳуқықты қоллаў әмелияты үйренилди ҳәм 100 ге жақын нызамбузыўшылық жағдайлары анықланды.
Үйрениўлер нәтийжесинде тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлерге жәми 6 усыныс, 6 ескертиў ҳәм 3 шахсты ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў мәселесин көрип шығыў бойынша усыныслар киритилди.
Үйрениўлер даўамында бир қатар ҳуқықты надурыс қоллаў жағдайлары анықланды.
Мәселен, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 20.12.2019-жылдағы “Исбилерменлик ҳəм қаласазлық искерлигин амелге асырыў ушын бос турған жер участкаларын бериў тəртибин жəнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 1023-санлы Қарар (кейинги орынларда қарар деп жүритиледи) талапларының орынланыўы бойынша өткерилген мониторинг нәтийжесинде районлық жер дүзиў ҳәм көшпес мүлк кадастры филиалы тәрепинен системаға киритилген В1735211-01862 уникал санлы жер участкасы ҳаққындағы мағлыўматлар толық киритилмегенлиги себепли бүгинги күнгеше аукционға қойылмағанлығы, сондай-ақ, Қараөзек районы «YERELEKTRON» ААТ системасына жәми киритилген 31 жер участкаларының 25 участкасында буйырытпа номерлери көрсетилмеген ҳәм 3 ҳалатта жер участкаларының жайласыў контурлары надурыс киритилгенлиги, нәтийжеде, жоқарыда көрсетилген қарар талапларының бузылғанлығы анықланды.
Сондай-ақ, Қараөзек районы суў тармақлары кəрханасы тәрепинен 5 жағдайда «YERELEKTRON» ААТ арқалы келген сораўнамаларға өз ўақтында жуўап қайтарылмаған ҳәм буның нәтийжесинде нызам бузыўшылық жағдайларының келип шығыўына себеп болғанлығы анықланды
Үйрениўлер даўамында анықланған нызамбузылыў жағдайларын сапластырыў мақсетинде тәсир шараларын қоллаў менен шекленбестен, әмелдеги нызам-ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша усыныслар берилди.
Әлбетте, орынлаўымыз лазым болған жумысларымыз көп!
Биз ҳуқықты қоллаў, халықтың ҳуқықый билимин асырыўда 2020-жылдың 2-ярымында әмелге асыратуғын тийкарғы жумысларымызды белгилеп алдық. Әлбетте, бул бағдарда ҳәр бир мәмлекетлик уйымларды биз бирге ислесиўге шақырып қаламыз.
Қараөзек районы әдиллик бөлими