Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

20

Әскерий хызмет ҳәм оныӊ түрлери


Дерлик отыз жыллық тарийхый ѳтмишлер соны кѳрсетпекте, елимизде Ўатанды қорғаў жуўапершиликли ҳәмде ҳүрметли иске айланды. Негизинде де журтты қорғаў әзел-әзелден жоқары ой-пикир, Ўатан ушын жуўапкершиликтиӊ әмелдеги кѳриниси, жүрек ҳәмири, ҳүждан иси болып келген. Мәмлекетимиздиӊ раўажы, социаллық ѳмир ҳәм ҳуқықый тәртипти сақлаўдыӊ бүгинги формасы ҳәм мазмуны усы ҳүрметли исти анық нызамлар тәсири астына алды. Соныӊ менен биргеликте, бүгин Ѳзбекстанда саланы тәртипке салыўшы ҳәм беккемлеўши бир қатар нызамлар жаратылды.
«Улыўма әскерий ўазыйпа ҳәм әскерий хызмет ҳаққында»ғы ғы Нызам сол саладағы арнаўлы нызамлардан бир болып, ол дәслеп 1992 жыл 3 июлда қабыл етилди. Салада әмелге асырылған сыпат ѳзгерислери-реформалар менен жәнеде 2002 жыл 12 декабрде Нызам усы атамада жаӊадан қабыл етилди. Нызам 51 статьядан ибарат.
Улыўма әскерий ўазыйпа нызамға кѳре, пуқаралардыӊ Ѳзбекстан Республикасын қорғаўға мәжбүрий, әскерий таярлықтан ибарат ҳәмде Ѳзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарын толтырыўды ҳәм олардыӊ резервин таярлаўды тәмийнлеў мәқсетинде енгизиледи. Улыўма әскерий ўазыйпа Ѳзбекстан Республикаси аймағында мудамы яки ўақтынша жасап атырған шет ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмағн шахсларға енгизилмейди.
Жумысқа кирип атырғанымызда толтырылатуғын «Жеке сораўнама»да «әскерий байланыслығы» бәнти бар. Әскерий байланыслық статусына жуўап ретинде нызам бойынша:
-әскерий хызметке шақыралатуғын ҳәм район (қала) шақырыў участкаларында дизимге алынған шахслар – шақырылыўшылар;
-ҳақыйқый әскерий хызметтеги шахслар – әскерий хызметшилер;
-Қураллы Күшлердиӊ резервиндеги шахслар – әскерий хызметке мәжбүрлер;
-түрли себеплерге кѳре әскерий дизимге алынбаған яки әскерий дизимнен шығарылған, атап айтқанда, отставкадағы шахслар – әскерий хызметке мәжбүр болмаған шахслар болып есапланады.
Ҳақыйқый әскерий хызмет шақырыў яки контракт бойынша қатардағы әскерлер, сержантлар ҳәм офицерлер қурамы лаўазымларында Қураллы Күшлер қатарындағы әскерий хызмет болып есапланады. Нызамға кѳре, әскерий хызметке биринши мәрте шақырылған яки ықтыярлы түрде (контракт) кирген пуқаралар Ѳзбекстан Республикасыныӊ халқы ҳәм Президентине садықлық ҳаққында Әскерий ант қабыл етеди.
Әскерий хызмет Ѳзбекстан Республикасы пуқараларыныӊ Қураллы Күшлер қатарында улыўма әскерий ўазыйпаны орынлаў барысындағы мәмлекетлик хызметтиӊ бѳлек түри болып есапланады.
Ѳзбекстан Республикасында әскерий хызметтиӊ тѳмендеги түрлери енгизиледи:
-мүддетли әскерий хызмет;
-мобилизациялық шақырыў резервиндеги әскерий хызмет;
-контракт бойынша әскерий хызмет;
-Ѳзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарында әскерий хызметти ѳтеген резервшилер хызмети.

Елликқала районы әдиллик бѳлими бас мәсләҳәтшиси
Н.Н.Тайров