Янгиликлар
18
Нокис районы əдиллик бөлими тәрепинен 2020-жыл I ярым жыллығы даўамында исленген жумыслары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018 жыл 13 апрелдеги Мəмлекетлик ҳуқықый сиясатты əмелге асырыўда əдиллик уйымлары ҳəмде мәкемелери жумысларын түп тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққындағы ПП-5415-санлы Пəрманы менен район(қала) əдиллик бөлимлери шөлкемлестирилди.
Əдиллик бөлимлериниң тийкарғы ўазыйпалары: ҳəкимлерге ҳəмде мəмлекетлик уйымлары ҳамде шөлкемлериниң районлар(қалалар) бөлимлерине нызамлар ҳəм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди қоллаў мəселелери бойынша мəслəҳәтлер бериў, мəмлекетлик уйымлары ҳамде шөлкемлериниң район(қала) бөлимлериниң нызамлар ҳəм басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер орынланыўын шөлкемлестириў бойынша искерлигине методикалық басшылық қылыў ҳəмде муўапықластырыў, қабыл етилип атырған нызамлар ҳəмде баска норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мəнисин ҳəм əҳмийетин районлар бөлимлериндеги орынлаўшыларға жеткериў, «республика— ўəлаят — район — мəҳалле» принципи бойынша ҳүкықый үгит насият ҳəмде халықтың ҳуқықый саўатсызлығына шек қойыў бойынша, сол қатарда ҳуқықты қорғаў ҳəмде суд уйымлары менен биргеликте ис-илажларды əмелге асырыў, районлар (қалалар) ҳəкимлери ҳəмде халық депутатлары Кеңеслериниң қарарларын нызам ҳүжжетлерине, мəмлекетимизде əмелге асырылып атырған реформалардың мақсет ҳəмде ўазыйпаларына муўапықлығы көз қарасынан ҳуқықый экспертизадан өткериў, ҳуқықты қоллаў əмелиятын ўйрениў ҳəмде анализлеў, оның турақлылығы ҳəмде бир қыйлылығын тамийинлеў бойынша усынысларды ислеп шығыў, инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша ис-илажларды əмелге асырыў, өз ўəкилликлери шеңберинде физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатларын қөрип шығыў, мəмлекетлик уйымлар ҳəмде шөлкемлериниң қала(район) бөлимлеринде ҳуқықый ислердиң жағдайын мониторинг етиў, сондай-ақ, олардың юридикалық хызметлери искерлигин муўапықластырыў, қадағалаў ҳəм методикалық тəмийинлеў белгиленген.
Нөкис районы əдиллик бөлими тəрепинен 2020-жыл I ярым жыллығы даўамында төмендеги жумыслар əмелге асырылды.
Бөлим тəрепинен физикалық ҳəмде юридикалық шахслардың машқалаларын орынларда шешиў ҳəмде нызам ҳужжетлерине тийкар ҳуқықый түсиниклер бериў мақсетинде көшпели қабыллаўлар өткериў белгиленген болып, ҳуқыкты қорғаў уйымлары ҳəмде басқада тийисли уйымлар ҳəм шөлкемлер менен биргеликте район аймағында жайласқан ППЖ, АПЖ ҳəм МПЖларда район аймағында карантин жарияланғанлығы себепли 2020-жыл март айына шекем жəми 6 көшпели қабыллаўлар өткерилди.
Кошпели қабылаўларда пуқараларды қызықтырған маселелер бойынша ҳуқықый түсиник жумыслары алып барылды ҳəмде нызам ҳүжжетлери бойынша ҳүқықый үгит нəсият жумыслары алып барылып, пуқаралардың мүрəжаатлары қабылланды ҳəмде шешилди.
Бөлимге көшпели қабыллаўлар ҳəмде тиккелей физикалық шахслардан 2020-жыл 1-июль ҳалатына түрли мəселелер бойынша 61 мүрəжатлар келип түсип бөлып баршеси қанаатландырылды.
Мониторинг, үйрениўлер нəтийжелерине ҳəмде пуқаралардың мүрəжатларына тийкар хызметкерлерге өз ўақтында төленбей киятырған ис ҳақыларын өндириў бойынша Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық суына 2 даўа арза киритилип, 2 хызметкердиң жәми 21 481 000 (жигирма бир миллион төрт жүз сексен бир мың) сўм муғдарында ис ҳақыларын өндириў бойынша суд буйрығы шығарылды. Буннан тысқары, Нөкис районлар аралық Экономикалық судына банк тәрепинен пуқараға келтирилген зыянды өндириў бойынша даўа арза киритилип, суд тәрепинен толық қанаатландырылды.
Сондай-ақ, пуқара мүрәжатына ҳәмде мекеме, кәрхана, шөлкемлерде өткерилген мониторинглер нәтийжесинде хызметкерлерге өз ўақтында төленбей қалған 28 181 622 (жигирма сегиз миллион бир жүз сексен бир мың алты жүз жигирма еки) сўм пуқаралардың ис ҳақылар бөлим тәрепиненен усыныс киритилип, тимйисли мекеме, кәрхана шөлкемлер тәрепинен төлеп берилди.
Бөлим тəрепинен мəмлекетлик уйымлар ҳəм шөлкемлерде Нызам ҳүжжетлерине бойсынылыўы ҳəмде ҳуқықты қоллаў əмелияты бойынша 10 үйрениўлер ҳəмде 15 мекемеде мониторинг өткерилип үйрениўлерде 204 нызамбузыўшылық ҳалатлары анықланды.
Усы үйрениўлер нәтийжесинде сондай-ақ Бөлим тəрепинен өткерилген үйрениўлер, мониторинглер, пуқаралардың мүрəжаатлары жүзесинен, тапсырма хатлар ҳəм буйрықлар орынланыўын тәмийнлеў жүзесинен мəмлекетлик уйымлар ҳəм шөлкемлерге “Нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы, олардың себеплери ҳәм оған алып келиўши шәрт-шараятларды сапластырыў ҳаққында” 33 усыныслар, сондай-ақ “Нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы мүмкин емеслиги ҳаққында” 23 ескертиўлер, Нызамбузыўшылыққа жол қойған жуўапкер шахслардың ҳәкимшилик жуўапкершилик мәселесин көрип шығыў ушын, 4 ҳəкимшилик жуўапкершиликке тартыў бойынша усыныслар берилип, усыныслар нəтийжесине көре 4 хызметкер ҳəкимшилик жуўапкершиликке тартылды.
Юридик хызметлерди муўапықластырыў жөнелисинде район аймағындағы район ҳəкимлиги ҳəмде 7 мəмлекетлик уйымларда юридик хызметлер шөлкемлестирилген болып, 6 мекемеде жоқары юридик мағлыўматқа ийе хызметкерлер ислемекте, Нөкис район ҳәкимлигинде ҳәм 1 мекемеде вакант штат бирликлери бар.
Ислеп атырған юридик хызмет хызметкерлериниң ҳəммеси аттестациядан өткерилген ҳəмде маманлығын асырған.
Бөлимниң районлар (қалалар) ҳəкимлери ҳəмде халық депутатлары Кеңеслериниң қарарларын нызам ҳүжжетлерине, мəмлекетимизде əмелге асырылып атырған реформалардың мақсет ҳəмде ўазыйпаларына муўапықлығы көз қарасынанҳуқықый экспертизадан өткериў ўазыйпасына муўапық район ҳакимниң 2 норматив түстеги қарар жойбары ҳуқықый экпертизадан өткерилип жуўмақ берилди.
Жəмийетде ҳуқықый сана сезим ҳəмде ҳуқықый мəдениятты артыррыў ҳəмде халықтың ҳуқықый саўатханлыгын асырыў мақсетинде брифинг материаллары ҳəмде жаңадан қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлерине тийкар мəхəлле, билимлендириў мекемелери ҳəмде мийнет жəмматлеринде ҳүкықый үгит насият илажлары алып барылды ҳəмде даўам етпекте. Сондайақ, бөлим тəрепинен телеведение, радио, веб-сайт, газеталарда шығыўлар қылынды.
Райондағы 41 мекеме ҳəмде шөлкемлерге 600 ден артық жаңадан қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлери электрон бирге ислесиў арқалы жеткерип берилди.
Райондағы бир қатар мекеме ҳəмде шөлкемлерде хызметкерлер ушын нызамшылық ҳүжжетлери бойынша мəслəҳат курслары өткерилди.
Пуқаралардың ҳуқықый сана сезими ҳəмде ҳуқықый мəденият дəрежесин анықлаў бойынша 60 дан артық сораўнамалар өткерилди.
Бөлим тəрепинен нызам ҳүжжетлерин жəнеде жетилистириў бойынша усыныслар берип келинбекте.
Нөкис район
әдиллик бөлими баслығы
И.Сейтназаров