Янгиликлар
17
Нөкис қаласы әдиллик бөлими тәрепинен 2020-жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша МӘЛИМЛЕМЕСИ
Бүгинги күнде мәмлекетимизде барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Сол қатарда Әдиллик органлары системасын тәртипке салыў бойынша да бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.
Президентимиздиң 2018-жыл 13-апрель күнги 5415-санлы Пәрманы менен Әдиллик министрлиги жумысларын жетилистириў тараўында реформалар әмелге асырылып, министрлик тарийхында биринши мәрте район (қала) әдиллик бөлимлери шөлкемлестирилди ҳәм оларға төмендегише ўазыйпалар жүклетилди: Атап айтқанда;
- ҳәкимлерге ҳәм мәмлекетлик органларына нызамлар ҳәмде норматив - ҳуқықый ҳүжжетлерди қоллаў мәселелери бойынша мәсләҳәт лер бериў;
- қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм норматив - ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун – мәнисин “республика-ўәлаят-район-мәҳәлле” принципи бойынша халыққа жеткериў;
- ҳәкимлер ҳәм ха лық депутатлары кеңеслериниң қарарларын ҳуқықый экспертизадан өткериў;
- ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў, анализлеў ҳәм усынысларды ислеп шығыў;
- өз ўәкиллик шеңберинде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў ўазыйпалары жүклетилген.
Бирден бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысларын муўапықластырыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жумысларында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил ҳәм бир түрде тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў әдиллик уйымларының тийкарғы ўазыйпасы есапланады.
Бул бағдарда 2020-жылдың 6 айы даўамында Нөкис қаласы әдиллик бөлими тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, физикалық ҳәм юридикалық шахслардан 70 арза ҳәм шағымлар келип тусип 51 (72,8 %) қанаатландырылды, өткерилген
56 жеке ҳәм көшпели қабыллаўларда 50 мүражатлар унамлы шешимин тапты.
Бөлим тәрепинен судларға пуқаралардыӊ мәпин гөзлеп 130 млн.сӯмлық 40 даўа арзалар киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленди.
Әдиллик бөлимине келип түскен мүрәжатлар анализленгенде ең көп мүрәжатлар мийнет, үй-жай, социаллық қорғаў ҳәмде жер ажыратыў мәселелерине байланыслы екенлиги анықланды.
Нызамлардың дурыс орынланыўы бойынша 13 үйрениўлер өткерилип, 1.629 нызамбузыўшылық жағдайлары анықланды.
Үйрениўлер нәтийжесинде 2020-жылда мәкеме ҳәм шөлкемлерге жәми 26 усыныслар киргизилип, бул усынысларға тийкар 701 млн. 900 мыӊ сум пул қаржылары төлеп берилди.
Бүгинги күнде мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлердиӊ қалалық бөлимлеринде 28 юрист штат бирлиги бар болып, олардың 5 есабат дәўиринде Әдиллик министрлигинен сәўбеттен өткерилип, лаўазымға тайынланды.
Әдиллик бөлими тәрепинен Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң 2 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилип мәмлекетлик есапқа алынды.
Пуқаралардың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўға байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин және де асырыў, пуқаралардың жәмийетлик-сиясий өзгерислер менен сәйкес түрде ҳуқықый билимлерин асырып барыўдың заманагөй усылларын енгизиў мақсетинде, 2019-жылдың 9-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5618-санлы Пәрманы қабыл етилди. Пәрман менен “Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў Концепция”сы тастыйықланды.
2020-жылдың 6 айы даўамында әдиллик бөлими тәрепинен “шахс — шаңарақ — мәҳәлле — билимлендириў мәкемеси — шөлкем — жәмийет” принципи бойынша 883 үгит-нәсият жумыслары (620 ғалаба хабар қуралларында, 80 аўызеки) алып барылды. Жаӊадан қабыл етилген
848 норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер қаламыз мәкеме ҳәм шөлкемлерине электрон формада жеткерилип берилди.
Халыққа ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў мақсетинде орынларда көшпели қабыллаўлар, пуқаралардың ҳуқықый билимлерин асырыў мақсетинде “Мигрантларға ҳуқықый жәрдем” акциясы өткерилди.
Әдиллик бөлими тәрепинен мәмлекетлик уйымлардың ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў тийкарынан норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер орынланыўын тәмийинлеў, надурыс ямаса қарама-қарсылықлы қоллаў әмелиятына алып келетуғын нормаларды өз ўақтында анықлаў
ҳәм сапластырыў бойынша әмелге асырылмақта.
Усы бағдар бойынша бөлим тәрепинен қала ҳәкимлигинде норма дөретиўшилиги жумысларыныӊ шөлкемлестирилиўи ҳәм медицина бирлеспеси, шаӊарақ поликлиникалары ҳәм пенсия қорында объектлерге майыплығы болған шахслардыӊ тосқынлықсыз кириўи, жәмийетлик транспортынан тосқынлықсыз пайдаланыўы ушын қолайлықлар жаратылғанлық жағдайлары үйренилип шығылды.
Нәтийжеси бойынша ҳәкимликте Өзбекстан Республикасы “Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳақкында”ғы Нызамыныӊ қатар нормалары,
атап айтқанда норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары жергиликли ҳәкимият органлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына жәмийетшилик додалаўы өткерилиўи ушын жайластырыў лазымлығы, қабыл етилген норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиӊ текстлериниӊ электрон формасын рәсмий дағазаланғаннан кейин ҳәкимликтиӊ веб-сайтында бир күн ишинде жайластырыў шәртлиги талаплары бузылғанлығы бойынша нызам ҳүжжетлериниӊ бузылыўы, олардыӊ себеплери ҳәм буған алып келиўши шәрт-шараятларды сапластырыў бойынша усыныс киритилди.
Нөкис қалалық медицина бирлеспесине “Өбекстан Республикасында майыпларды социаллық қорғаў ҳаққында” ғы Нызам ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиӊ 2017 жыл 1 декабрдеги “Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түптен жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПФ-5270-санлы Пәрманы талаплары нормалары бузылғанлығы, яғный объектлерге майыплығы болған шахслардыӊ тосқынлықсыз кириўи, жәмийетлик транспортынан тосқынлықсыз пайдаланыўы ушын қолайлықлар жаратылмағанлық ҳалатларын сапластырыў бойынша усыныс киритилди.
Әлбетте, орынлаўымыз лазым болған жумысларымыз көп!
Биз ҳуқықты қоллаў, халықтың ҳуқықый билимин асырыўда келешекте әмелге асыратуғын тийкарғы жумысларымызды белгилеп алдық. Әлбетте, бул бағдарда ҳәр бир мәмлекетлик уйымларды биз бирге ислесиўге шақырып қаламыз.
Нөкис қаласы әдиллик бөлими