Янгиликлар
17
Шоманай районы әдиллик бөлими тәрепинен 2020-жылдың 6 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша мәлимлеме
Бүгинги күнде мәмлекетимизде барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Сол қатарда Әдиллик органлары системасын тәртипке салыў бойынша да бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.
Президентимиздиң 2018-жыл 13-апрель күнги 5415-санлы Пәрманы менен Әдиллик министрлиги жумысларын жетилистириў тараўында реформалар әмелге асырылып, министрлик тарийхында биринши мәрте район (қала) әдиллик бөлимлери шөлкемлестирилди ҳәм оларға төмендегише ўазыйпалар жүклетилди: Атап айтқанда;
- ҳәкимлерге ҳәм мәмлекетлик органларына нызамлар ҳәмде норматив - ҳуқықый ҳүжжетлерди қоллаў мәселелери бойынша мәсләҳәт лер бериў;
- қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм норматив - ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун - мәнисин «республика-ўәлаят-район-мәҳәлле» принципи бойынша халыққа жеткериў;
- ҳәкимлер ҳәм ха лық депутатлары кеңеслериниң қарарларын ҳуқықый экспертизадан өткериў;
- ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў, анализлеў ҳәм усынысларды ислеп шығыў;
- өз ўәкиллик шеңберинде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў ўазыйпалары жүклетилген.
Бирден бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысларын муўапықластырыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жумысларында ҳуқықты қоллаў әмелиятын изшил ҳәм бир түрде тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў әдиллик уйымларының тийкарғы ўазыйпасы есапланады.
Бул бағдарда 2020-жылдың 6 айы даўамында Шоманай район әдиллик бөлими тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, Инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында:
Жәми 61 мүрәжат келип түсип, судларға 80 млн. 563 мыӊ сумлық даўа арзалар киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленди.
Әдиллик бөлимине келип түскен мүрәжатлар анализленгенде ең көп мүрәжатлар мийнет, социаллық қорғаў ҳәмде напақа мәселелерине байланыслы екенлиги анықланды.
2020-жылдың 6 айы даўамында әдиллик бөлими тәрепинен өткерилген көшпели қабыллаўлар нәтийжесинде ис-ҳақы мәселеси бойынша келип түскен мүрәжәтлер бойынша 25 пуқараныӊ мәпин гөзлеп Пуқаралық ислери бойынша Қоӊырат районлар аралық судына арза киритилип төленбей қалған ис ҳақылары өндирип берилди.
Нызамлардың дурыс орынланыўы бойынша 6 үйрениў өткерилип, 2321 нызам бузыўшылық жағдайлары анықланды.
Үйрениўлер нәтийжесинде 2020-жылда мәкеме ҳәм шөлкемлерге жәми 9 усыныс, 23 ескертиў ҳәм 2 ҳәкимшилик усыныслар еиргизилди, бул тәсир шараларға тийкар, мәмлекетлик органлардың 3 хызметкери интизамый жуўапкершиликке, 2 лаўазымлы шахсы ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды, киритилген усынысларға тийкар 921 млн. 734 мын. сум пул қаржылары қайтарылған.
Юридикалық хызметлердиң жумысларын муўапықластырыў тараўында:
Бүгинги күнде мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлердиӊ районлық системаларында 8 юридикалық хызмет штаты бар болып, соннан 1 штат бирлиги вакант (халық билимлендириў бөлими).
Районлық медицина бирлеспеси, мәмлекетлик салық инспекциясы ҳәм бюджеттен тысқары пенсия жамғармасыныӊ юрисконсультлары Өзбекстан Республикасы Юристлер маманлығын асырыў орайында оқып, белгиленген тәртипте Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлгинен аттетациядан өткерилди ҳәм тийисли мәртебе дәрежелери берилди.
Ҳәзирде районлық қаржы, мәденият ҳәм мектепке шекемги билимлендириў бөлимлериниӊ юрисконсультлары онлайн тәртипте Юристлер маманлығын асырыў орайында оқытылып, аттетациядан өткериў жумыслары алып барылмақта.
Ҳуқықый экспертиза тараўында:
Район әдиллик бөлими тәрепинен район ҳәкимлигиниң 5 қарар жойбарлары ҳуқықый экспертизадан өткерилип ғалаба хабар қураллары арқалы жәрияланды.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық тараўында:
Пуқаралардың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыўға байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин және де асырыў, пуқаралардың жәмийетлик-сиясий өзгерислер менен сәйкес түрде ҳуқықый билимлерин асырып барыўдың заманагөй усылларын енгизиў мақсетинде 2019-жылдың 9-январь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5618-санлы Пәрманы қабыл етилди. Пәрман менен “Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў Концепция”сы тастыйықланды.
2020-жылдың 6 айы даўамында район әдиллик бөлими тәрепинен 372 мәрте үгит-нәсият жумыслары алып барылып соннан 268 мәрте ғалаба хабар қураллары (телевидение 11, радио 8, газета 10, веб-сайт ҳәм басқа электрон ахборот қуралларында 262) арқалы, 63 мәрте аўызеки, 18 мәрте көргизбели үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў жағдайы бойынша.
Әдиллик министрлиги тәрепинен мәмлекетлик уйымлардың ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў тийкарынан норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер орынланыўын тәмийинлеў, надурыс ямаса қарама-қарсылықлы қоллаў әмелиятына алып келетуғын нормаларды өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша әмелге асырмақта.
Усы бағдар бойынша район әдиллик бөлими тәрепинен 11 норматив ҳуқықый ҳүжжетлер анализленди, 2 тараўда ҳуқықты қоллаў әмелияты үйренилди ҳәм 275 нызамбузыўшылық жағдайлары анықланды.
Үйрениўлер нәтийжесинде тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлерге жәми 6 усыныс, 20 ескертиў ҳәм 5 ҳәкимшилик усыныс киргизилип, киргизилген усынысларға тийкар, мәмлекетлик 2 хызметкери интизамый жуўапкершиликке, 5 лаўазымлы шахсы ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды.
Нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы, ҳуқықты қоллаў хызметиниң нәтийжелиги бойынша жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў мақсетинде бөлим тәрепинен турақлы түрде сораўнамалар өткерилмекте.
Атап айтқанда, билимлендириў тараўында нызамшылықты жәнеде жетилистириў мақсетинде усы жылдың 1-15-ноябрь күнлери аралығында улыўма билим бериў мектеплеринде мектеп оқытыўшылары ҳәм оқыўшыларының ата-аналарынан аноним сораўнамалар алынды.
Сораўнамалар нәтийжесинде оқыў орынларында қағазбазлық, мәжилисбазлық, мәжбүрий мийнет, ҳәттеки коррупцияға байланыслы жағдайлар бар екенлиги мәлим болды.
Мәселен, бүгинги күнде улыўма орта билимлендириў мектеплериндеги билим сапасын сораўнамада қатнасқан мектеп оқыўшыларының ата-аналарының тек ғана 21,9%, мектеп оқытыўшыларының 22,9% жақсы деп баҳалаған болса, билимлендириў тараўында коррупция менен байланыслы жағдайларға ушырасасыз ба деген сораўға 20,2 % ушырасатуғынлығы, 36,9 % әтирапдағылардан еситкенлиги, 28,5 % анық жуўап бериўге қыйналатуғынлығы, 16,9 % бул ҳаққында еситпегенлигин билдирип өттти.
Усы жағдайларды есапқа алып, улыўма орта билимлендириў мектеплериндеги билим сапасын асырыў бойынша зәрүр иләжларды әмелге асырыў мақсетке муўапық деп есаплаймыз.
Үйрениўлер даўамында анықланған нызамбузылыў жағдайларын сапластырыў мақсетинде тәсир шараларын қоллаў менен шекленбестен, әмелдеги нызам-ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша усыныслар берилди.
Әлбетте, орынлаўымыз лазым болған жумысларымыз көп!
Биз ҳуқықты қоллаў, халықтың ҳуқықый билимин асырыўда 2020-жылда әмелге асыратуғын тийкарғы жумысларымызды белгилеп алдық. Әлбетте, бул бағдарда ҳәр бир мәмлекетлик уйымларды биз бирге ислесиўге шақырып қаламыз.
Шоманай районы әдиллик бөлими
баслығы Ж.Сейтеков