Янгиликлар
17
Тахтакөпир район әдиллик бөлими тәрепинен 2020-жылдың 1-ярым жыллығы даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында М Ә Л И М Л Е М Е
Тахтакөпир районы әдиллик бөлими тәрепинен 2020-жылдың 1-ярым жыллығында бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, халықтың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыў мақсетинде жәми 316 ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Соннан ғалаба хабар қуралларында 233, атап айтқанда телевидениеда 11, газетада 5, веб сайт ҳәм басқа социаллық тармақларда
208, радиода 9 мәрте шығыўлар әмелге асырылды. Орынларда 71 мәнзилли үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
577 электрон формада келип түскен норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер тийислилиги бойынша райондағы 23 мәкеме, шөлкемлердиӊ электрон почта, е-хаt мәнзиллерине жиберилди.
Ҳуқықый экспертиза ҳәм юридикалық хызмет тараўын муўапықластырыў тараўына тоқталып өтсек.
Бүгинги күнде район аймағында жәми 7 юридикалық хызмет штат бирликлери бар. Норматив-ҳуқықый түстеги 3 қарар жойбары экспертизадан өткерилип, жуўмақ берилди. Район ҳәкимлиги тәрепинен 2020-жыл 6 ай даўамында жәми 660 норматив түске йие емес қарарлар қабыл етилген.
Инсан ҳуқықларын қорғаў тараўы бойынша.
Бөлимге 2020-жылдыӊ усы күнине шекем жәми 58 мүрәжатлар келип түсти, соннан 46 мүрәжат қанаатлантырылды, 6 мүрәжатқа ҳуқықый түсиник берилди, 2 мүрәжат тийислилиги бойынша басқа мәкеме ҳәм шөлкемлерге жиберилди, бүгинги күнде 5 пуқараныӊ мүрәжаты үйрениўде.
Пуқаралардың мәплерин гөзлеп судларға 20 даўа арзалар киргизилип, өз ўақтында қанаатландырылды. Пуқаралардыӊ есапланған, бирақ төленбей киятырған жәми 100.175.000 сум айлық ис ҳақылары судқа даўа арза киргизиў жолы менен өндирилип алып берилген болса, бөлим тәрепинен берилген Усынысларға тийкар жәми 117.683.683 сум айлық ис ҳақылары өндирилип берилди.
Социал-экономикалық тараўда ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў тараўы бойынша.
Бөлим тәрепинен норма дөретиўшилиги ҳәм әмелдеги нызамшылыққа өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша 14 усыныслар ислеп шығылды.
Мәмлекетлик орган ҳәм шөлкемлери тәрепинен ҳуқықты қоллаў әмелияты тараўы бойынша 9 үйрениўлер өткерилди. Үйрениўлер даўамында район аймағында жайласқан мекеме ҳәм шөлкемлерде 203 нызамбузыўшылық жағдайлары анықланды.
Анықланған нызамбузыўшылықларды сапластырыў мақсетинде 18 усыныс, сондай-ақ ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў бойынша 6 усыныс ҳәм мәкемелерге нызамбузыўшылықлардың алдын алыў бойынша 5 ескертиў киргизилди.
Тахтакөпир район ҳәкимлиги ҳәм халық депутатлары Кеңеслериниң норматив-ҳуқықый характерге ийе қарарлары жойбарлары нызамшылыққа, халықаралық шәртнама нормаларына, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мақсет ҳәм ўазыйпаларына, нызамшылық техникасы қағыйдаларына муўапықлығы, оларды коррупцияға, басқа ҳуқықбузарлықлар жүз бериўине шәраят жаратып беретуғын, сондай-ақ физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын артықша ҳәкимшилик ҳәм басқа шеклеўлерди келтирип шығаратуғын қағыйда ҳәм нормаларды анықлаў, ҳуқықый экспертизадан өткериў бойынша бөлим тәрепинен район ҳәкимлигине хат берилген ҳәмде ҳәким шешимлери, халық депутатлары Кеңеслериниң сессия қарарлары турақлы түрде үйренип барылмақта.
Тахтакөпир районы әдиллик
бөлими баслығы
Н.Калимбетов