Янгиликлар
17
Жумыс көлеми қысқарды деп жумыстан босатылған хызметкер өз жумысына қайта тикленди
Елликқала районында жасаўшы пуқара А.Х район Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы тәрепинен жумыс көлеминиң қысқарыўына байланыслы жумыстан босатылғанлығынан наразы болып район әдиллик бѳлимине мүрәжат етеди.
Мүрәжатты үйрениў даўамында район Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниӊ 98, 103-статьясыныӊ талапларына әмел етпей, пуқар А.Х ныӊ жумыста қалыўда үстинликлери жоқарылығын есапқа алмастан, оныӊ менен дүзилген мийнет шәртнамасын бийкар еткенлиги анықланды.
Мийнет кодексиниӊ 98-статьясында, «Кәрхананыӊ мүлк ийеси алмасқанда, тап сондай кәрхана қайта шѳлкемлестирилгенде (қосып жиберилген, бирлестирилген, бѳлип жиберилген, қайта дүзилген, ажыратылғанда) мийнет қатнасықлары хызметкердиӊ разылығы менен даўам ете береди» деп көрсетилген.
Усы кодекстиң 103-статьясында «Технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шѳлкемлестириўдеги ѳзгерислер, хызметкерлер саны (штаты) яки жумыс характериниӊ ѳзгериўине алып келген жумыслар кѳлеминиӊ қысқарыўы менен мийнет шәртнамасы бийкар етилгенде жумыста қалдырыў ушын жеӊилликли ҳуқық маманлығы ҳәм мийнет ѳнимдарлығы жоқарырақ болған хызметкерлерге бериледи.
Маманлығы ҳәм мийнет ѳнимдарлығы бирдей болып қалған жағдайда қарамағында еки яки оннан да артық адам болған хызметкерлерге, шаӊарағында оннан бѳлек ғәрезсиз мийнет ҳақы алыўшы болмаған шахсларға, усы кәрханада кѳп жыллық жумыс стажына ийе болмаған хызметкерлерге ҳәм басқада көрсеткишлерге ийе болған шахслар үстинликке ийе болады деп белгиленген.
пуқара А.Х ның жумыста қалыўда Мийнет кодексинде көрсетилген усындай үстинликлер жоқары екенлиги анықланып , Елликқала районы әдиллик бѳлими тәрепинен Пуқаралық ислери бойынша Беруний районлараралық судына жумыстан босатыў ҳаққындағы буйрықты нызамсыз деп табыў, пуқара
А.Х ны Елликқала районы Санитария-эпидемиология тынышлық орайына жумысқа қайта тиклеў ҳәм оныӊ пайдасына мәжбүрий бос жүрген ўақты ушын ис ҳақысын ѳндирип бериў бойынша даўа арза киргизилди.
Суд тәрепинен даўа арза толық қанаатландырылып, пуқара А.Х ға мәжбүрий бийкар жүрген күнлери ушын жәми 2 миллион сумнан зыят мийнет ҳақысын ѳндириў ҳәм жумысқа қайта тиклеў бойынша бийлик шығарылды. Мүрәжат ийеси ѳз жумысына қайта тикленди.
Елликқала районы әдиллик бѳлими
бас мәсләҳәтшиси Н.Н.Тайров