Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

17

Үш жасқа толмаған баласы бар ҳаялды жумыстан босатыў нызамлы ма


Кѳпшилик жағдайларда мәмлекетлик органлар ҳәм шѳлкемлеринде хызметкерлер менен қатнасықта мийнет нызамшылығына әмел етилмейди.
Елликқала районында жасаўшы пуқара М.М район Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы тәрепинен тийкарсыз түрде жумыстан босатылғанлығынан наразы болып район әдиллик бѳлимине мүрәжат етеди.
Район Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниӊ 237-статьясыныӊ талапларына әмел етпей, М.М ныӊ 3 жасқа толмаған перзенти болса да, оныӊ менен дүзилген мийнет шәртнамасын бийкар еткен.
Соныӊ менен бирге, Мийнет кодексиниӊ 101-статьясында, «Егер жәмийетлик келисим ямаса жәмийетлик шәртнамада мийнет шәртнамасын жумыс бериўшиниӊ басламасы менен бийкар етиў ушын кәсиплик аўқам комитети ямаса хызметкерлердиӊ басқа ўәкилликли органыныӊ алдыннан разылығын алыў нәзерде тутылған болса, шәртнаманы бундай разылықты алмай турып бийкар етиўге жол қойылмайды» деп белгилеп қойылған, бирақ район Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайыныӊ кәсиплик аўқам комитети баслығы пуқара М.М ныӊ 3 жасқа толмаған баласы болыўына қарамастан, Мийнет кодексиниӊ усы статья талапларына әмел етпей, оныӊ менен мийнет шәртнамасыныӊ бийкар етилиўине алдыннан разылық берген.  
Мийнет кодексининг 237-статьясында «Ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм үш жасқа толмаған баласы бар ҳаяллар менен дүзилген мийнет шәртнамасын жумыс бериўшиниӊ басламасы менен бийкар етиўге жол қойылмайды, кәрхананы пүткиллей сапластырыў жағдайлары буннан тысқары, бундай жағдайларда мийнет шәртнамасы оларды әлбетте жумысқа орналастырыў шәрти менен бийкар етиледи» деп белгиленген.
Жоқарыдағы жағдайлар бойынша, Елликқала районы әдиллик бѳлими тәрепинен районлық Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайына Усыныс киргизилип, нәтийжеде пуқара М.М ға шығарылған нызамсыз буйрық бийкар етилди ҳәм пуқара  ѳз жумысына қайта тикленди.

Елликқала районы әдиллик бѳлими
бас мәсләҳәтшиси Н.Н.Тайров