Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

26

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Өзбекстан және бир халықаралық ҳүжжетке қосылды

“Өзбекстан Республикасының Буўыўшы, зәҳәрли ямаса басқа сол сыяқлы газлер ҳәм бактериологиялық қуралларының урыста қолланылыўын қадағалаў ҳаққындағы Протоколға  
(Женева, 1925-жыл 17-июнь) қосылыўы ҳаққында”ғы Нызам Президент тәрепинен имзаланды (ЎРҚ–623-сан, 26.06.2020-ж.).
Усы Протокол 1972-жылдың 10-апрель күни Москва, Лондон ҳәм Вашингтон қалаларында имзаланған бактериологиялық (биологиялық) ҳәм токсик қураллар резервин жыйнаў, ислеп шығыў ҳәм ислеп шығарыўды қадаған етиў ҳәм оларды жоқ қылыў ҳаққындағы Конвенция талапларын беккемлеўши ҳәмде толтырыўшы ҳүжжет есапланады.

Бүгинги күнде усы Женева протоколына дүньяның 142 мәмлекети, ҒМДА мәмлекетлеринен  Армения, Молдавия, Россия, Тәжикстан, Украина ҳәмде Қырғызстан қосылған.