Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

24

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Халықаралық шөлкемлерге ағзалық бойынша миннетлерди орынлаўға жуўапкер шөлкемлер белгиленди.
“Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамаларынан ҳәм халықаралық шөлкемлерге ағзалықтан келип шығатуғын миннетлерин орынлаў тәртибин жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ–4756-сон, 22.06.2020 й.) қабыл етилди.
Қарар менен Өзбекстанның халықаралық шәртнамалары ҳәм халықаралық шөлкемлерине ағзалық бойынша миннетлерин орынлаўға жуўапкер мәмлекетлик уйымлары ҳәм басқа шөлкемлери дизими тастыйықланды.
Қарарға көре, ўәкилликли уйымлар Өзбекстанның келешекте тийисли халықаралық шөлкемде қатнасыўы мақсетке муўапықлығы ҳәмде ағзалықтан алынатуғын ҳәм басқа пайдалар бойынша турақлы таллаў алып барады.
2021-жылдан баслап халықаралық шәртнамалар ҳәм халықаралық шөлкемлерге ағзалық бойынша миннетлерден келип шығатуғын төлемлер ҳәм олар бойынша қарыздарлықлар тиккелей ўәкилликли уйымлар тәрепинен мәмлекетлик бюджети, бюджеттен тысқары қорлар
ҳәм өз қаржылары есабынан төленеди.
Қарар менен Өзбекстанның халықаралық шәртнамалары ҳәм халықаралық шөлкемлерге ағзалық бойынша миннетлеринен келип шығатуғын төлемлерди төлеў тәртиби ҳаққындағы Реже тастыйықланды.
Режеге муўапық, төлемлер төлеўшилер тәрепинен төлеў ҳүжжетлерине (инвойс) яки ағымдағы жыл ушын төлем муғдарын тастыйықлаўшы халықаралық шөлкемниң (яки тийисли халықаралық шәртнаманы ҳәкимшилик ушын жуўапкер болған шөлкемниң (уйымның) хабарнамаларына муўапық төленеди.