Янгиликлар
25
Нызамшылықтағы жаңалықлар
“Пахта шийки затын жетистириў ҳәм қайта ислеў кооперациялары искерлигин шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары (398-сан, 22.06.2020-ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, кооперацияларды шөлкемлестириў ҳәм искерлигин жолға қойыўдың төмендеги тәртиби енгизиледи:
- Аўыл хожалығы министрлиги мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен бирге пахта тазалаў кәрханаларының ислеп шығарыў жумысларында пайдаланылмай атырған бос жер майданларын жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органларының резервине өткерилиўин тәмийинлейди;
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳам районлар ҳәкимлери кооперациялар ҳәм пахта жетистириўши фермер хожалықларын туқымлық, минерал төгинлер, жанылғы-майлаў өнимлери ҳәмде басқа материаллық-техникалық ресурслар менен тәмийинлеў ис-илажларын көреди;
- Кооперациялар пахтаны қабыл етип алыў, таңлап алыў, сақлаў, қайта ислеў ҳәм таяр өнимди экспорт қылыў бойынша нәтийжели ис жүргизиў системасын енгизеди.
Тийисли Ҳүкимет қарарларында пахта-тоқымашылық ислеп шығарыўлары ҳәм кластерлерине белгиленген жеңилликлер кооперациялар ушын да усынылады.
Кооперацияларға пахта-тоқымашылық ислеп шығарыўлары ҳәм кластерлери шөлкемлестирилмеген аймақлардағы пахта тазалаў кәрханалары ықтыярий түрде ағза болады.
Қарар менен сондай-ақ, Фермер хожалықларының ықтыярий бирелесиўи тийкарында пахта шийки затын жетистириў ҳәм қайта ислеў кооперациялары искерлигин шөлкемлестириў ҳаққындағы реже тастыйықланды.