Янгиликлар
24
“Humo” ҳәм “Uzcard” төлем системалары интеграцияластырылады
“Humo” ҳәм “Uzcard” төлем системалары интеграцияластырылады
“Өзбекстан Республикасында “Жасырын экономика” үлесин қысқартырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары (394-сан, 20.06.2020-ж.) қабыл етилди.
Қарар менен “Жасырын экономика үлесин қысқартырыў ис-илажларын әмелге асырыў бойынша “жол картасы” тастыйықланып, бир қатар илажларды әмелге асырыў белгиленди. Атап айтқанда:
- халық ушын тутыныў кредитлерин ажыратыў тәртиби жәнеде әпиўайыластырылады ҳәм жетилистириледи;
- барлық кадастр ҳүжжетлери санластырылады;
- “Humo” ҳәм “Uzcard” төлем системалары интеграцияластырылады;
- "QR" код арқалы әмелге асырылатуғын төлемлердиң ғалабалығы асырылады ҳәм көлеми кеңейтириледи;
- финанслық хызметлер көрсетиўши альтернатив шөлкемлер раўажландырылады, “Банклик емес кредит шөлкемлери ҳаққында”ғы нызам жойбары ислеп шығылады.