Янгиликлар
30
Арнаўлы_комиссия_хабары
Арнаўлы_комиссия_хабары
Республика арнаўлы комиссиясы мәлимлемеси
Усы жыл 1-июль сәнесинен баслап:
- республиканың барлық аймақларында ири буйым базарлары ҳәмде буйым саўдасы менен шуғылланатуғын ири саўда комплекслери ҳәптениң шемби ҳәм екшемби күнлери санитария-дезинфекция жумысларын әмелге асырыў ушын жаўылады;
- “қызыл” ҳәм “сары” аймақларда саат 07.00 ден 23.00 ке шекем жәмийетлик орынларда үш адамнан артық жыйналыў ҳәмде 23.00 ден 07.00 ге шекем көшелерде, көп квартиралы үйлер ҳәм ҳәўлилер алдында болыў қадаған етиледи. Бунда тек ғана пуқаралардың ден саўлығы төменлегенлиги, ҳәмиледарлық мүнәсибети менен шыпакер көригинен өтиў ушын емлеў мәкемесине ямаса зәрүр дәри-дәрман сатып алыў мақсетинде дәриханаға барып-келиўге рухсат бериледи;
- “қызыл” ҳәм “сары” аймақларда ҳәптениң шемби ҳәм екшемби күнлеринде жәмийетлик транспорт ҳәрекети кемейтириледи.
Коронавирус инфекциясын жуқтырған наўқаслар үш топарға ажыратылмақта:
- коронавирус инфекциясының жеңил формалары анықланған (кеселлик белгилерсиз өтип атырған) наўқаслар;
- коронавирус инфекциясы орташа аўыр өтип атырған (дене температурасы көтерилип атырған) наўқаслар;
- коронавирус инфекциясы аўыр өтип атырған наўқаслар.
Усы жыл 5-июль сәнесинен баслап коронавирус инфекциясын жуқтырған наўқасларды емлеў менен байланыслы төмендегилерди нәзерде тутыўшы ЖАҢАША ТӘРТИП енгизилмекте;
-кеселлик белгилерсиз өтип атырған жеңил формадағы наўқаслар шыпакер усыныслары тийкарында, санитария-гигиена қағыйдалары ҳәмде қараў ушын зәрүр шәраятлар бар болғанда, ҮЙ ШӘРАЯТЫНДА емлениўге рухсат етиледи;
- шыпакерлерде ҳәм үй шәраятында емленип атырған кеселлик белгилерисиз өтип атырған жеңил формадағы наўқаслар 10 күн мүддетте клиник белгилери бақланбаған жағдайда ҚАДАҒАЛАЎДАН ШЫҒАРЫЎ әмелияты енгизиледи;
- коронавирус инфекциясы тастыйықланған наўқас пенен бирлемши БАЙЛАНЫСТА БОЛҒАНЛАР 14 күнлик карантин мүддетин үй шәраятында ямаса тастыйықланған дизимге тийкар мийманханаларда барлық санитария-эпидемиология ҳәм карантин шеклеўлерине әмел еткен ҳалда өткериўге рухсат бериледи;
-бирлемши скрининг тест таллаўлары тастыйықлаўшы нәтийже берген үлгилерди тастыйықлаў анализлерди өткериў ўәкиллиги Бас санитар шыпакер көрсетпелеринен келип шығып АЙМАҚЛЫҚ санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайларына бериледи;
-халықтың популяциялық мағлыўматлар базасын жаратыў мақсетинде коронавирус антиденешелерине ИФА тексериўлерине, мәмлекетлик медицина шөлкемлери менен бир қатарда, жеке ден саўлықты сақлаў секторындағы медициналық мәкемелери де тартылыўы мүмкин.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими