Янгиликлар
29
1-ИЮЛЬДЕН БАСЛАП НЕЛЕР ӨЗГЕРЕДИ?
1-ИЮЛЬДЕН БАСЛАП НЕЛЕР ӨЗГЕРЕДИ?
1. Өзин-өзи бәнт еткен шахсларды дизимге алыў тәртиби әпиўайыластырылады
Өзин-өзи бәнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин болган искерлик (жумыслар, хызметлер) түрлери дизими 67 ге кеңейтириледи.
Өзин-өзи бәнт еткен шахсларды дизимге алыў хабар бериў тәртибинде өзин-өзи бәнт еткен сыпатында дизимнен өткенлигин тастыйықлаўшы матрицалы штрих код (QR-код) берген ҳалда арнаўлы мобиль қосымша ямаса салық төлеўшиниң жеке кабинети арқалы әмелге асырылады.
Сондай-ақ, өзин-өзи бәнт еткен шахслар 2020-жыл ушын социаллық салықты өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында ҳақыйқатта ислеген ўақтынан бийғәрез, БЕМның кеминде 50 пайыз көлеминде төлейди.
2. Көп квартиралы имаратларды қурыўшы шөлкемлерге бажыхана жеңилликлери бериледи
2020-жыл 1-июльден 2023-жыл 1-июльге шекем болған мүддетте көп квартиралы монолит үй-жайлар қурыў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимге муўапық импорт етилетуғын бетон қуйыў қәлиплери, бетон таярлаў машина ҳәм механизмлери бажыхана төлемлеринен (қосылған қун салығы ҳәм бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) азат етиледи.
Бажыхана төлемлерин төлеўшилер 2020-жыл 1-июльден 2023-жыл 1-июльге шекем болған мүддетте импорт етилетуғын қурылыс тараўында пайдаланылатуғын машина ҳәм механизмлер, технологиялық үскенелер, киши механизация қураллары, әсбап-үскенелер, аўысық бөлеклер ҳәм пүтинлеўши буйымлар бойынша бажыхана төлемлерин (қосылған қун салығы ҳәм бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) 120 күнге шекем кешиктирип ямаса бөлип-бөлип төлеў ҳуқықына ийе болады.
3. Ташкент қаласы МХОда пуқаралар ушын медиатор хызмети енгизиледи
Эксперимент сыпатында, Ташкент қаласында МХОлары имаратларында даўласыўшы пуқараларға медиатор хызметинен пайдаланыў ушын өз алдына ханалар ажыратылады.
4. Көп квартиралы үй-жайларды қурыў процессинде қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жәмийетлик басқарыў системасы енгизиледи
2020-жыл 1-июльден баслап:
• Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери тәрепинен үй-жайлар қурыў ушын жерлер суўғарылатуғын жерлер ҳәм тоғай фондына кирмейтуғын ҳәмде халықты мәжбүрий көшириў қәўипи болмаған жағдайда ажыратылады;
• жер участкаларын бериў (реализация етиў) мәселелерин көрип шығыўшы комиссия қурамына “Ўзгидромет” орайының аймақлық бөлимлери ўәкиллери киргизиледи ҳәмде олардың жуўмағы алынады;
• аўыллық жерлерде көп квартиралы үй-жайларды қурыў бойынша таңлаў саўдаларында жеңимпаз болған исбилерменлер менен инвестиция шәртнамалары дүзиледи;
• үй-жайларды қурыў бойынша ажыратылған жер массивлери (участкалары) ҳәм локал ақаба суў тазалаў сооружениелериниң қоршаған орталыққа тәсир көрсетиў жуўмағы таярланады ҳәмде
Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитетиниң аймақлық басқармалары тәрепинен мәмлекетлик экологиялық экспертизасы жуўмақлары бериледи;
• көп квартиралы үй-жайларды қурыў процессинде халықаралық финанс институтлары талапларынан келип шығып, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жәмийетлик басқарыў системасы енгизиледи.
5. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары хызметкерлериниң айлығына қосымша үстеме бериледи
Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары хызметкерлериниң лаўазым айлығына 30% қосымша арнаўлы үстеме төленеди.
6. Баспа искерлигин лицензиялаў тәртиби бийкар етиледи
Баспа искерлигин лицензиялаў ҳәмде полиграфия искерлиги баслағанлығы ҳаққындағы ўәкилликли мәмлекетлик органын хабардар етиў системасы енгизиледи.
7. Жуўапкершилик белгилеўши ҳуқықый нормалар тек ғана нызамлар менен белгиленеди.
Усы жылдың 1-июлинен баслап:
Хожалық басқарыў органлары ўәкиллигине кириўши мәселелер ҳәм корпоратив қатнасықлар нызам асты ҳүжжетлерин қабыл етиў ямаса ҳәкимшилик усыллар арқалы тәртипке салыныўы қадаған етиледи;
физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын жуўапкершилик белгилеўши ҳуқықый нормалар тек ғана нызамлар менен белгиленеди;
кеңселик норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын қосымша төлем ҳәм жыйымларды белгилеўши, артықша ҳәкимшилик ҳәм басқа шеклеўлерди нәзерде тутыўшы, оларға тийкарланбаған қәрежетлер жүзеге келиўине алып келиўши, рухсат бериў өзгешелигине ийе болған ҳуқықый нормаларды киргизиўге жол қоймайды;
техникалық тәрептен тәртипке салыў тараўындағы норматив ҳүжжетлерге ҳуқықый нормалар киргизилиўине жол қойылмайды;
техникалық тәрептен тәртипке салыў тараўындағы норматив ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинен мәжбүрий тәртипте ҳуқықый экспертизадан өткериледи;
норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын таярлаўда концептуал тәрептен жаңа механизмлерди жаратыўдың “пакет” принципи енгизиледи;
нызамшылықты системаластырыў ҳәм артықша ҳуқықый тәртипке салыўды кемейтириў мақсетинде 2020-жыл 1-июльден 2021-жыл 1-январьға шекем кеңселик норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етиў тоқтатылады (өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳәмде өз күшин жойытқан деп табыў ҳаққындағы, сондай-ақ унификация етиўди нәзерде тутыўшы кеңселик норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыллаў буннан тысқары).
8. Мәмлекет ҳәм хожалық басқарыў органлары басшыларының мәлимлемелерин еситиў тәртиби әмелиятқа енгизиледи
Олий Мажлис Нызамшылық Палатасы мәжилислеринде мәмлекет ҳәм хожалық басқарыў органлары басшыларының өз искерлиги бойынша, сондай-ақ Ҳүкимет ағзалары ҳәм тармақлар басшыларының БМШниң Турақлы раўажланыў мақсетлерин орынлаў, илим, ағартыўшылық ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған ислер ҳаққындағы мәлимлемелерин турақлы түрде еситиў тәртиби әмелиятқа енгизиледи.
9. Қурылыс саласында қадағалаў инспекциясына қосымша ўәкиллик бериледи.
Қурылыс саласында қадағалаў инспекциясы ҳәм аймақлық инспекция баслықларына ҳуқықбузарлықлар фактына қарсылық билдирилген жағдайларда жумысты көрип шығыў ушын судқа усыныў тәртибин сақлап қалған ҳалда, қаласазлық ҳаққындағы нызам хүжжетлериниң бузылыўына тийисли ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ўәкиллиги бериледи.
10. Дәри затларына қарата референт баҳаны қәлиплестириў системасы енгизиледи.
Жергиликли ҳәм сырт ел дәри затларына қарата референт баҳаны қәлиплестириў системасы басқышпа-басқыш енгизиледи.
Оған көре, халық жан басына қарата дәраматлар дәрежеси жоқары, орташадан жоқарырақ ҳәм орташадан төменирек болған мәмлекетлер топарына кириўши кеминде 10 референт мәмлекетлер таңланады.
Дәри формасы, орамдағы саны, дозасы, концентрациясы, көлеми ҳәм орамланыўын есапқа алған ҳалда дәри затының ҳәр бир саўда атамасы ушын белгиленген ең жоқары баҳасы көрсетиледи. Бунда дәри затын усы суммадан жоқары баҳаларда Өзбекстанға жеткерип бериў (импорт дәри затлары ушын) ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылар тәрепинен сатылыўы (жергиликли дәри затлары ушын) мүмкин емес.
Сондай-ақ, мүлкшилик формасынан тысқары республиканың барлық медицина шөлкемлеринде мәжбүрий тәртипте дәри қуралларының халықаралық патентленбеген атамасы бойынша рецепт жазылыўы тәртиби енгизиледи.
Буннан тысқары, “Фармацевтика өнимлериниң сырлы қарыйдары” институты енгизиледи.
Усы институттың тийкарғы ўазыйпаларының бири мүлкшилик формасынан бийғәрез, медицина шөлкемлери ҳәм дәриханалары тәрепинен рецептлерди жазыў ҳәм дәри затларының саўда атамасы ушын шекленген баҳаларды қәлиплестириў процессин тәртипке салыўшы нызамшылық талапларына әмел етилиўин мониторинг қылыў ҳәм баҳалаў есапланады.
11. Барлық туўыўды қабыл етиў мәкемелеринде туўылыў ҳәм өлим ҳаққындағы Электрон мағлыўматлар алмасыў дәстүри жүргизиледи
Мүлкшилик формасы ҳәм кеңселик тийислилигинен бийғәрез барлық туўыўды қабыл етиў мәкемелеринде Электрон мағлыўматлар алмасыў дәстүри жүргизилиўи мәжбүрий есапланады.
12. Шахсты услап турыў жағдайлары бирден бир электрон есапка алыў системасына киргизиледи
Ҳуқықты шеклейтуғын процессуал мәжбүрлеў шараларын қоллаў, атап айтқанда шахсты услап турыў жағдайлары бирден бир электрон есапқа алыў системасына киргизилип барылады.
13. Жойбар-излеў шөлкемлериниң электрон рейтинги енгизиледи
Салық ҳәм статистика есабатлары мағлыўматлары (ис тәжрийбеси, хызметкерлер, соның ишинде маман қәнигелер саны, тийкарғы қураллар көлеми, алынған дәраматлар ҳәм төленген салықлар, ис ҳақы төлеў фонды ҳәм басқа өлшемлер) тийкарында автоматикалық тәризде қәлиплесетуғын жойбар-излеў шөлкемлериниң электрон рейтинги енгизиледи.
14. Жеке музейлер, көркем-өнер галереялар ҳәм өнерментшилик орайларына салық жеңилликлери бериледи.
2023-жыл 1-июльге шекем мәмлекетлик емес (жеке) музейлар, көркем-өнер галереялар ҳәм өнерментшилик орайларының тийкарғы искерлик түри бойынша пайда салығы, мал-мүлк ҳәм жер салықлары ҳәмде айланбадан алынатуғын салық ставкалары белгиленген муғдарға қарата 50 пайызға кемейтириледи.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими