Янгиликлар
22
Медицина тараўының пидәйиси еди…
Медицина тараўының пидәйиси еди…
Усы жылдың 22-июнь күни елимиздиң медицина саласында жемисли мийнет етип, халқына әдиўли хызмет еткен Мамбеткадыров Аманбай 77 жасында қайтыс болды.
А.Мамбеткадыров 1943-жылы Мойнақ районында туўылды. 1968-жылы Самарқанд медицна институтын табыслы тамамлады.
А. Мамбеткадыров 1968-1976-жыллары Мойнақ районы орайлық емлеўханасының терапия бөлиминде шыпакер, бас шыпакердиң емлеў бойынша орынбасары, 1976-1979-жыллары район санитария-эпидемиология станциясының бас шыпакери, 1979-1981-жыллары Бозатаў районы орайлық емлеўханасының бас шыпакери, 1981-1991-жыллары Мойнақ районы орайлық емлеўханасының бас шыпакери, терапия бөлиминиң баслығы, 1991-1997-жыллары Мойнақ районы орайлық емлеўханасының бас шыпакери, терапия кеселликлери диспансериниң бас шыпакери, 1997-1998-жыллары Мойнақ районы орайлық емлеўханасының бас шыпакери орынбасары, 1998-2004-жыллары Мойнақ районы орайлық емлеўханасының бас шыпакери лаўазымларында табыслы мийнет жолын атқарып, ҳүрметли мийнет дем алысына шыққан.
Сондай-ақ, А. Мамбеткадыров Халық депутатлары Мойнақ, Бозатаў районлық Кеңеслеринде депутатлық хызметин алып барған.
Тараўдағы нәтийжели мийнетлери мүнәсип баҳаланып, А. Мамбеткадыров В.И.Ленинниң туўылған күнине 100 жыл толыўы мүнәсибети менен “Мәртлик ушын” ҳәм “Аўқамның денсаўлықты сақлаў ағласы” медаллары менен, ҚҚАССРдың 60 жыллық байрамы мүнәсибети менен “Мустақыллық” медалы менен, 2001-жылы “Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен денсаўлықты сақлаў хызметкери”мәмлекетлик сыйлығы менен ҳәм қатар хүрмет жарлықлары менен сыйлықланған.
Ол қайсы лаўазымда ислемесин, өзиниң терең билими, мийнет сүйгишлиги, талапшаңлығы, жоқары адамгершилик пазыйлетлери менен ажыралып, шебер шөлкемлестириўшилик уқыбына ийе басшы сыпатында кеңнен танылды ҳәм жәмийетшилик арасында үлкен ҳүрмет-абырайға еристи.
Халқымыздың медицина саласының раўажланыўыжолында аянбай мийнет еткен кишипейил инсан, шыпакер Аманбай Мамбеткадыровтың жарқын естелиги халқымыздың ядында узақ сақланып қалады.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги жәмәәти А. Мамбеткадыровтың шаңарақ ағзаларына, жақынларына терең кеўил билдиреди.