Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

16

Нызамшылықтағы жаңалықлар


ЖООларына қабыл параметрлери тастыйықланды
“2020/2021-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ–4749-сан, 12.06.2020-ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2020/2021-оқыў жылында бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыл етиўде:
- абитуриентлерди дизимнен өткериў усы жылдың 20-июнинен 20-июлине шекем (20-июль күни де) болған мүддетте әмелге асырылады;
- кириў тест сынақлары абитуриент таңлаған бакалавриат тәлим бағдарына сәйкес еки пәннен өткериледи ;
- абитуриентлер пәнлер комплекси ҳәмде избе-излиги бирдей болған 5 ке шекем бакалавриат тәлим бағдары бойынша таңлаўда қатнасыўы мүмкин.
2020/2021-оқыў жылы қабыллаўынан баслап:
- Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң усынысына ийе болған ҳаял-қызлар ушын бакалавриаттың күндизги тәлим формасы бойынша улыўма белгиленген мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлерине қарата қосымша төрт процентли мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери ажыратылады;
- магистратура қәнигеликлерине оқыўға кириў, сондай-ақ, бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўды көшириў ҳәм қайта тиклеў ушын ҳүжжетлерди тапсырыў процесси Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий веб-сайты арқалы әмелге асырылады.
Қарарға муўапық, мәмлекетлик  буйыртпасы параметрлери:
- бакалаврлар таярлаў бойынша:
-  күндизги тәлим формасына – 103 575;
-  сыртқы тәлим формасына – 31 350;
-  кешки тәлим формасына – 5 025 етип;
- магистрлар таярлаў бойынша – 10 425 етип тастыйықланды.

Каналға жалғаныў
https://t.me/huqiqiymalimleme