Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

10

Нызамшылықтағы жаңалықлар


“Фахрий мураббий” ордени шөлкемлестирилди

“Фахрий мураббий” орденин шөлкемлестириў ҳаққында”ғы Нызам (ЎРҚ–622-сан, 09.06.2020-ж.) Президент тәрепинен имзаланды.
Нызам менен “Фахрий мураббий” ордени шөлкемлестирилди ҳәм орден ҳаққындағы реже тастыйықланды.
“Фахрий мураббий” ордени менен жасларды Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық рухында тәрбиялаў, оларды жат идеялардан асыраў, жас әўлад ўәкиллеринде белсене пуқаралық позициясы ҳәм идеологиялық иммунитетти, басламашылық, пидәйылық ҳәм әдеп-икрамлылық пазыйлетлерди қәлиплестириўге үлес қосқан Өзбекстан пуқаралары сыйлықланады.
Усы орден менен сыйлықланған шахслар БЕМның 40 есеси (8 млн 920 мың сум) муғдарындағы бир мәртелик пул сыйлығын алады ҳәм нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жеңилликлерден пайдаланады.

❕Нызам рәсмий жәрияланғаннан күннен баслап күшке киреди.