Янгиликлар
29
Нызамшылықтағы жаңалықлар
2020-жыл 26-май күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Мәденият ҳәм көркем өнер тараўының жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм тәсирин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманы қабыл етилди. Пәрман менен:
2020-2021-жылларда Өзбекстан Республикасында мәденият ҳәм көркем өнерди буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар бағдарламасы;
Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты және де раўажландырыў концепциясының 2021-2025-жылларға мөлшерленген мақсетли көрсеткишлери тастыйықланды.
2021-жыл 1-январьдан баслап:
концерт-тамаша жумысын лицензиялаў, лицензиантлардың мәмлекетлик реестрин жүргизиў, олардың жумысы ҳәм ерисилген нәтийжелери ҳаққындағы мәлимлемелерди киргизип барыў Концерт-тамаша жумысы қатнасыўшыларының бирден-бир онлайн порталы арқалы әмелге асырылатуғынлығы;
концерт-тамаша илажына бир мәртелик руқсатнама бериў ушын өндирилетуғын жыйым бийкар етилетуғынлығы;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм функцияларынан келип шығып, олардың басламалары менен өткерилетуғын ғалабалық-мәдений ҳәм концерт-тамаша илажлары ҳәр жылы тастыйықланатуғын ғалабалық-мәдений ҳәм концерт-тамаша илажларының календарь режелери (кейинги орынларда – календарь режелер) тийкарында өткерилетуғынлығы;
Өзбекстан Республикасы Президенти, Министрлер Кабинети ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының календарь режелеринде нәзерде тутылмаған мәмлекетлик илажларды өткериўди нәзерде тутатуғын қарарларында усы илажларды шөлкемлестириў бойынша көрсетилетуғын хызметлер бойынша буйыртпашылар ҳәм оларды қаржыландырыў үлгилери көрсетилетуғынлығы;
Концерт-тамаша жумысын әмелге асыратуғын шахслар тәрепинен мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң буйыртпаларына тийкарланып көрсетилетуғын барлық хызметлер жазба ҳәм ҳақы төлеў есабынан дүзилетуғын шәртнама тийкарында усыныс етилетуғыны, концерт-тамаша жумысын әмелге асыратуғын мәмлекетлик мәкемелердиң хызметкерлери менен дүзилген мийнет шәртнамаларынан келип шығатуғын миннетлемелер буған кирмейтуғынлығы белгиленди.
2020-жыл 1-сентябрьден баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер системасындағы концерт, мәденият сарайлары ҳәм басқа да мәкемелерде толық жанлы даўыс тийкарында өткерилетуғын концерт бағдарламалары ушын ижара төлемнен 50 процент шегириў тәртиби енгизилди.
Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы ўәкиллериниң Көркем өнер ғайраткери, дөретиўши ҳәм атқарыўшылардың авторлық ҳуқықларын қорғаў палатасы шөлкемлестирилди.
Бай тарийхы, өзбек миллий қуўыршақ театры мектебиниң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўындағы шексиз үлесин есапқа алып, Республикалық қуўыршақ театрына Өзбек Миллий қуўыршақ театры атамасы берилди.
2020-жыл 1-сентябрьден баслап сондай тәртип енгизилди, оған муўапық:
көшпели цирклер (шапито, дәрўазлардың топарлары) тәрепинен өткерилетуғын тамаша илажларына ғалабалық илаж өткериў ушын руқсатнама ҳәм руқсат бериў өзгешелигине ийе басқа да ҳүжжетлерди алыў талап етилмейди, онда илаж шөлкемлестириўшилери оны өткериў орны ҳәм ўақты ҳаққында ишки ислер уйымларын кеминде 10 күн бурын жазба түрде хабардар етеди;
ишки ислер уйымлары, Миллий гвардия ҳәм Айрықша жағдайлар министрлигиниң уйымлары көшпели цирклер (шапито, дәрўазлардың топарлары) тәрепинен өткерилетуғын тамаша илажларында жәмийетлик тәртип ҳәм өрт қәўипсизлигин төлем өндирилмеген ҳалда тәмийинлейди;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң системадағы мәденият ҳәм дем алыў бағлары, спорт объектлери, сейил етиў орынлары ҳәм басқа да ашық аймақларда көшпели цирклер (шапито, дәрўазлардың топарлары) тәрепинен тамаша илажларын өткериў ушын ижара ҳәм басқа түрдеги төлемлер өндирилмейди;
материаллық емес мәдений мийрас объектлерин (дәрўаз, аския ҳәм лапар) қәстерлеп сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў жумысы Өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға ўақтынша мийнет гүўалықлары берилетуғын жумыс (хызметлер, жумыслар) түрлери дизимге киреди (мәденият орайларының қурамында жумыс алып барып атырған шахслар буған кирмейди) ҳәм олардың усы жумыстан алынған дәраматларына физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы енгизилмейди.
2020-жыл сентябрь айынан баслап мәмлекетлик музейлерде ҳәр айдың биринши екшембиси «ашық есиклер күни» деп жәрияланып, «ашық есиклер күни»нде пуқаралар музей затлары ҳәм музей коллекцияларын кирип көриў ушын мәмлекетлик музейлерге бийпул киргизиледи.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими
жетекши мәсләҳәтшиси
Н.Кутлымуратова