Янгиликлар
08
Билесизбе
Жергиликли ҳәкимият органлары жуўапкершилигине қандай мәселелер киреди?
Нызамшылыққа муўапық, жергиликли ҳәкимият органлары жуўапкершилигине төмендегилер киреди:
- нызамлылықты, ҳуқықый-тәртипти ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў;
- аймақларды экономикалық, социаллық ҳәм мәдений раўажландырыў;
- жергиликли бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны орынлаў, жергиликли салықлар, жыйымларды белгилеў, бюджеттен тысқары қорларды дүзиў;
- жергилкли коммунал хожалыққа басшылық етиў;
- қоршаған орталықты қорғаў;
- пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыўды тәмийинлеў;
- норматив ҳүжжетлерди қабыл етиў ҳәмде Конституция ҳәм нызамларға қайшы келмейтуғын басқа ўәкилликлерди әмелге асырыў.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими