Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

08

Билесизбе


Утилизация жыйымы не?

Экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў, пуқаралар салығын ҳәм қоршаған орталықты дөңгелекли транспорт қураллары, өзижүретуғын машиналар ҳәм олардың тиркемелери өз өзгешеликлерин жойытқаннан кейин пайда болатуғын шығындылардың зыянлы тәсиринен қорғаў мақсетинде утилизация жыйымы төленеди   (https://lex.uz/docs/42423).

Утилизация жыйымы:
Мәмлекетлик бажыхана комитети тәрепинен – дөңгелекли транспорт қураллары, өзижүретуғын машиналар ҳәм олардың тиркемелери “еркин айланысқа шығарыў (импорт)” бажыхана режимине жайластырылғанда;
Мәмлекетлик салық комитети тәрепинен – Өзбекстан аймағында реализация етилетуғын дөңгелекли транспорт қураллары, өзижүретуғын машиналар ҳәм олардың тиркемелери ислеп шығарылғанда (жыйналғанда, таярланғанда) өндириледи.
Утилизация жыйымы суммалары дәраматлар бойынша жеке ғазна есапбетине келип түседи. (https://lex.uz/docs/107115)
Мағлыўмат ушын, Ҳүкиметтиң тийисли қарары (https://t.me/huquqiyaxborot/7310) менен 2020-жылдың 1-августинен транспорт қуралларының түри, тайпасы, ислеп шығарыў мүддетинен келип шығып, базалық есаплаў муғдарының (БЕМ) 30 есесинен 1500 есесине шекем утилизация жыйымы өндирилиўи белгиленди.


Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими