Янгиликлар
09
Нызамшылықтағы жаңалықлар
Өзин-өзи бәнт қылған шахслар шуғылланыўы мүмкин болған искерлик түрлери көбейеди
«Исбилерменлик искерлиги ҳәм өзин-өзи бәнт қылыўды мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2020-жыл 1-июльден:
- өзин-өзи бәнт қылған шахслар шуғылланыўы мүмкин болған искерлик (жумыслар, хызметлер) түрлери дизими кеңейтириледи;
- өзин-өзи бәнт қылған шахсларды дизимге алыў хабар бериў тәртибинде дизимнен өткенлигин тастыйықлаўшы матрицали штрих код (QR-код) берген ҳалда арнаўлы мобиль қосымша ямаса салық төлеўшиниң жеке кабинети арқалы әмелге асырылады ҳәмде ўақтыншалық мийнет гүўалықларын бериў тәртиби бийкар етиледи;
- өзин-өзи бәнт қылған шахслар 2020-жыл ушын социаллық салықты өзин-өзи бәнт қылған шахс сыпатында ҳақыйқатта ислеген ўақтына қарамастан, БЕМның кеминде 50 проценти көлеминде төлейди ҳәмде усы сумма толық түрде бюджеттен тысқары Пенсия қорына бағдарланады ҳәм оннан келип шыққан ҳалда жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын орнатылған тәртипте пенсия есаплаў ушын дәрамат көлеми анықланады;
- өзин-өзи бәнт қылған шахслар жалланба жумысшыларды тарта алмаўы ҳәмде жумыс бериўшиге ийе бола алмаслығы ҳаққындағы талап сақланып қалады.
Мағыўмат ушын, Салық кодексине муўапық өзин-өзи бәнт қылған шахслардың мийнет искерлиги нәтийжесинде алынған дәраматлары физикалық шахслар жәми дәраматлары қурамына киргизилмейди.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими