Янгиликлар
09
Нызамшылықтағы жаңалықлар
Жеке исбилермен гүўалығында оның фотосүўрети көрсетиледи
Қарарға муўапық, жайласқан орны (почта мәнзили) өзгергенде юридикалық шахслар – исбилерменлик субъектлерин мәмлекет тәрепинен қайта дизимнен өткериў үлкен муғдарларда салық қарыздарлығы бар болмаған жағдайда хабар бериў тәртибин қоллаған ҳалда бийкар етиледи.
Жеке тәртиптеги исбилерменлерди мәмлекетлик салық хызмети органларында есапқа қойыў оларды мәмлекет тәрепинен дизимнен өткерилип атырғанда (қайта дизимге алынып атырғанда) исбилерменлик искерлигин алып барыў орны бойынша әмелге асырылады.
Жеке тәртиптеги исбилерменниң мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалығы онда жеке тәртиптеги исбилерменниң фотосүўрети көрсетилген ҳалда бериледи.
Қарарға көре, өзин-өзи бәнт қылған шахслар ушын нәзерде тутылған искерлик түрлери менен шуғылланыўшы, қатнасыўшылары саны кеминде үшеўи болған шаңарақ кәрханалар айланбадан салықты белгиленген муғдардан 50 процентке кемейттирилген ставкада төлейди.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими