Янгиликлар
08
Билесизбе
Мийнет шәртнамасы (https://lex.uz/docs/142859) төмендеги мақсетте дәслепки сынаў шәрти менен дүзилиўи мүмкин:
- хызметкердиң тапсырылып атырған жумысына уқыплылығын тексерип көриў;
- хызметкер мийнет шәртнамасында шәртлесилген жумысты даўам еттириў бойынша бир қарарға келиўи.
Төмендегилер ушын дәслепки сынаў белгиленбейди:
- ҳәмиледар ҳаяллар;
- 3 жасқа толмаған баласы бар ҳаяллар;
- кәрхана ушын белгиленген минимал жумыс орынлары есабынан жумысқа жиберилген шахслар;
- орта арнаўлы, кәсип-өнер тәлими, жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилери оқыўды тамамлағаннан кейин 3 жыл ишинде биринши мәрте жумысқа кирип атырғанда;
- хызметкерлер менен 6 айға шекем мүддетке шәртнамасы дүзилип, жумысқа қабыл етилгенде.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими