Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

05

Билесизбе


Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында нелерди билесиз?
Мәмлекетимизде арнаўлы “Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында”ғы Нызам қабыл етилген.
Ҳәкимшилик тәртип-қағыйда – ҳәкимшилик органлардың ҳәкимшилик-ҳуқықый искерлигин тәртипке салыўшы процессуал қағыйдалар есапланады.
Бунда ҳәкимшилик органлар дегенде ҳәкимшилик-ҳуқықый искерлик тараўында ҳәкимшилик басқарыў ўәкиллиги берилген органлар, соның ишинде мәмлекетлик басқарыў органлары, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият органлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары, сондай-ақ усы искерликти әмелге асырыўға ўәкилликли болған басқа шөлкемлер ҳәм арнаўлы дүзилген комиссиялар түсиниледи.
Арнаўлы ҳәкимшилик тәртип-қағыйларды белгилеўши нызам ҳүжжетлери физикалық ҳәм юридикалық шахслардың жағдайын жаманластырмаўы керек.
Усы Нызам ҳәкимшилик органлардың мәпдар шахсларға қарата ҳәкимшилик-ҳуқықый искерлигине, атап айтқанда лицензия, рухсат бериў, дизимнен өткериў тәртип-қағыйдаларына, мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў менен байланыслы басқа тәртип-қағыйдаларға, сондай-ақ нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа ҳәкимшилик-ҳуқықый искерлигине қарата усынылады.  
Усы Нызам физикалық ҳәм юридикалық шахслар күнделик искерлигинде дус келиўи мүмкин болған әҳмийетли ҳүжжетлерден бири есапланады.


Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими