Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

04

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Тез жәрдем автомобиллери импорт бажыхана бажыдан азат етилди

“Мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери тәрепинен қыстаўлы медициналық жәрдем хызметлерин көрсетиў ушын қосымша шәраятлар жаратыў ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ-4737-сан, 30.05.2020-ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери тәрепинен өз мүтәжликлери ушын республика аймағына алып кирилетуғын жаңа қыстаўлы медицианлық жәрдем автомобиллери
(ТИФ ТН коды 8703221010, 8703231930, 8703241010, 8703311010, 8703321910, 8703331910) 2022-жыл 1-январға шекем болған мүддетке импорт бажыхана бажыдан азат етилди.
Усы жеңиллик  мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери тәрепинен усы қарар жәрияланғанғп шекем алып кирилген “бажыхана сақлағышы” режиминде 6 айдан көп турған жаңа қыстаўлы медициналық жәрдем автоммобиллериниң бажыхана рәсмийлестириўинде де қолланылады.
Автомобиллерден мақсетсиз пайдаланған жағдайда, жеңиллик берилиўи мүнәсибети менен төленбеген импорт бажыхана бажы суммасы финанслық санкцияларды қоллаған ҳалда Мәмлекетлик бюджетине өндирип алынады.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими