Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

05

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў бойынша бир қатар ҳәкимшилик регламентлер тастыйықланды
“Товар ҳәм финанс базарларында монополияға қарсы тәртипке салыў тараўындағы мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўдиң айырым ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы Ҳүкимет қарары (338-сан, 28.05.2020-ж.) қабыл етилди.

Қарар менен төмендеги ҳәкимшилик регламентлер тастыйықланды:
Хожалық жүргизиўши субъектлердиң устав фондындағы (устав капиталындағы) акцияларды (үлеслерди) алыўға байланыслы питимлерге алдыннан разылық бериў бойынша мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў;
Хожалық жүргизиўши субъектлерди қосып жибериў ҳәм қосып алыўға байланыслы питимлерге алдыннан разылық бериў бойынша мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў.
Усы ҳәкимшилик регламенлерге муўапық, арза бериўши мәмлекетлик хызметлеринен пайдаланыў ушын мәмлекетлик хызметлер орайына (МХО) барған ҳалда ямаса Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы  арқалы мүрәжат етеди.
Тийисли сораўнама ўәкилликли орган (Монополияға қарсы гүресиў комитети ҳәм оның аймақлық басқармалары)ға жибериледи.
Сораўнаманы көрип шығыў ушын БЕМниң 10 есеси (2 230 000 сум) муғдарында жыйым өндириледи.
Бирден бир портал арқалы мүрәжат етилгенде усы сумманың 90 проценти ( 2 007 000 сум) өндириледи.
Қарарға муўапық, БИМХПда усы мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўиниң ҳәр бир басқышында мүрәжатлардың көрип шығылыўын бақлап барыў тәртиби енгизиледи.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими