Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

05

Нызамшылықтағы жаңалықлар


Айырым транспорт қуралларын алып кириў ушын акциз салығы ставкалары бийкар етиледи

«Сыртқы экономика искерлигин еледе тәртипке салыў ҳәм автотранспорт қуралларының ишки базарын раўажландырыўды хошаметлеўге байланыслы ис-илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-4739-сан, 03.06.2020 ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2020-жыл 1-августдан баслап 8701 (тракторлар), 8702 (10 ямаса оннан артық адам тасыўға мөлшерленген моторлы транспорт қураллары), 8703 (жеңил автомобиллер) ҳәм 8704 (жүк тасыўға мөлшерленген моторлы транспорт қураллары) ТИФ ТН кодлар бойынша транспорт қуралларын алып кириўде әмелде болған акциз салығы ставкалары бийкар етиледи.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасы аймағына алып кирилетуғын, акциз салығына тартылатуғын товарларға акциз салығы ставкалары Президенттиң ПҚ-3818-сан
(https://lex.uz/docs/3802366#3803226) қарары менен тастыйықланған.

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими