Янгиликлар
04
Билесизбе
Нызамшылыққа муўапық, бир қатар шахсларға автомобиль бензинин сатып алыўға қәрежетлердиң бир бөлеги ушын айлық пул компенсациясы төленеди. 2019-жыл 15-августтан компенсация муғдары 75 000 сўмды қурайды.
Компенсация алыў ҳуқықына ийе шахслар дизими: ⬇️
- урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилген шахслар;
- урыс ветеранлары ҳәм оларға теңлестирилген шахслар;
- мийнетте майып болыў ҳәм кәсип кеселлиги себепли I ҳәм II топар майыплары;
- I ҳәм II топар балалықтан майыплар.
Компенсацияны тайынлаў ушын пенсиялар ҳәм напақаларды тайынлайтуғын органларға төмендеги ҳүжжетлер усынылады: ⬇️
- арза;
- паспорт нусқасы;
- жеңилликке болған ҳуқықлар ҳаққындағы гүўалықлар нусқалары (урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплары ҳәмде оларға теңлестирилген шахслар ушын);
- медициналық-мийнет эксперт комиссияларының мағлыўматнамалары нусқалары (мийнетте майып болыў, кәсип кеселлиги себепли майыплар ҳәм балалықтан майыплар ушын);
- автотранспорттың техникалық паспорты нусқасы;
- автотранспорт қуралын басқарыў гүўалығы нусқасы ямаса Екинши жәҳән урысы майыбы менен турақлы бирге жасайтуғын ҳәм ол менен бир турақ жай майданында дизимнен өткен шаңарақ ағзасының автотранспорт қуралын басқарыў гүўалығы, паспорт нусқалары ҳәм ол тәрепинен автотранспорт қуралынан пайдаланыў ҳуқықына исенимхат.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими