Янгиликлар
01
Билесизбе
Жумыссызлық напақасы кимге ҳәм қанша дәўирге төленеди?
Жумыстан айырылған, биринши мәрте жумыс излеп атырған, сондай-ақ узақ (бир жылдан артық) тәнепистен кейин мийнет искерлигин қайта баслаўды қәлеген ҳәм жумыссыз деп тән алынған шахсларға жумыссызлық напақасы төленеди. (https://www.lex.uz/docs/142859)
Жумыссызлық напақасы жумыссыз деп тән алынған шахсқа ол жумыс излеп атырған шахс сыпатында жергиликли мийнет уйымында дизимнен өткен күннен баслап тайынланады.
Қарамағында үшке шекем адам болған, 35 жасқа толмаған жумыссыз ер адамға жумыссызлық напақасы ол ҳақ төленетуғын жәмийетлик жумысларында белгиленген тәртипте қатнасқан тәғдирде тайынланады.
Жумыссыз шахстың напақа алыў ҳуқықы ол жумыс излеп атырған шахс ретинде дизимнен өткен пайыттан баслап кеши менен он биринши күннен баслап күшке киреди.
Жумыссызлық напақасы көби менен:
- жумыстан ҳәм ис ҳақыдан (мийнет дәраматынан) айырылған яки узақ (1 жылдан артық) тәнепистен кейин мийнет искерлигин қайта баслаўға ҳәрекет етип атырған шахсқа 12 айлық дәўир даўамында 26 календарь ҳәпте;
- илгери ислемеген ҳәм биринши мәрте жумыс излеп атырған шахсқа болса 13 календарь ҳәпте даўамында төленеди.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими