Янгиликлар
03
Билесизбе
1-июннан нелер өзгереди?
1. Айырым исбилерменлер мал-мүлк салығы ҳәм жер салығын төлеўден ўақытынша азат етиледи
2020-жылдың 1-июнынан 1-сентябрине шекем төмендегилер мал-мүлк салығы ҳәм жер салығын төлеўден азат етиледи:
- киши исбилерменлик субъектлери;
- базарлар ҳәм саўда комплекслери;
- кинотеатрлар;
- улыўма аўқатланыў орынлары;
- жәмийетлик транспорт кәрханалары;
- спорт-саламатластырыў мәкемелери;
- жолаўшы тасыў, турмыслық хызмет көрсетиў, имаратларды, сонын ишинде банкетлер өткериў ушын ижәраға бериў искерлиги менен шуғылланыўшы юридикалық шахслар.
2. Напақа алыўшылар саны асырылады
14-жасқа шекем балалары болған шанарақларға напақа, бала еки жасқа толғанға шекем бала күтими бойынша напақа ҳәм материаллық жәрдем алыўшылар саны қосымша 10 процентке асырылады.
3. Фитобарлар шөлкемлестириледи
Медицина мәкемелери, сонын ишинде шанарақ поликлиникалар ҳәм аўыл врачлық пунктларында, сондай-ақ басқышпа-басқыш барлық минитсрлик ҳәм ведемостваларда, Ислам Каримов атындағы Ташкент халық аралық аэропорты ҳәмде жергиликли аэропортларда, барлық түрдеги автовокзал, темир жол вокзалларында, базарлар, санаторий-курорт мәкемелеринде ҳәмде басқа халық көп болатуғын орынларда фитобарлар шөлкемлестириледи.
4. Бир қатар темеки өнимлерине акциз салығы киргизиледи
Импорт қылынатуғын қыздырылатуғын темеки өнимлери, шегилетуғын, шайналатуғын, ийскеленетуғын, сорылатуғын (снюс), шылым ушын темеки, никотинли темекисиз снюс, қурамында никотин бар болған суйықлықларға акциз салығы киргизиледи.
Сол мүнәсибет пенен, Өзбекстан аймағына алып кирилетуғын, акциз салығына тартылатуғын товарларға акциз салығы ставкалары қосымша позициялар менен толтырылады.
Оған көре, бир қатар темеки өнимлериниң акциз салығы ставкалары муғдарлары белгиленди.
Атап айтқанда, 2020-жыл 1-июннан шегилетуғын темекиниң 1 кг ушын 25 АҚШ доллары муғдарында акциз салығы салынады.
5. Жергиликли экспорт қылыўшылар транспорт қәрежетлериниң бир бөлеги мәмлекет тәрепинен қапланады
Жергиликли экспорт қылыўшыларға жүклерди автомобиль ҳәм ҳаўа транспорты арқалы экспорт қылыў қәрежетлериниң бир бөлегин мәмлекет тәрепинен қаплаў, сондай-ақ, исбилерменлердиң инфраструктура жаратыў бойынша қәрежетлериниң бир бөлеги ушын компенсация толеў механизмлери енгизиледи.
6. Ўәкилликли органлар исбилерменлерге лицензия алыў ушын зәрүр шәрт-шәраятларды жаратыўда жәрдем береди
Исбилерменлерге лицензиялар ҳәм рухсат бериў қәсийетлерине ийе басқа ҳүжжетлерди бериўде кадрлардың профессионал маманлығы, усынылған ҳүжжетлер ҳәм бағдарламалардың нызам ҳүжжетлеринде белгиленген талапларға,имәрат ҳәм сооружениелердиң – санитария-эпидемиологиялық талапларға ҳәм өрт қәўипсизлиги талапларына жуўап бермеўи себепли бас тартыўға жол қойылмайды.
Бунда, ўәкилликли мәмлекетлик органлары исбилерменлерге маман кадрларды излеў, ҳүжжетлер ҳәм бағдарламаларды қайта ислеў ушын қәнигелерди тартыў ҳәмде лицензиялар ҳәм рухсат етиў қәсийетине ийе басқа ҳүжжетлерди алыў ушын басқа зәрүр шәрт-шәраятларды жаратыўда жәрдем бериўи лазым, талапкерлердин усыныслған жәрдемин бас тартыў жағдайлары буннан тысқары.
7. Металл прокатының ҳәр бир тобына сапа ҳаққындағы ҳүжжет қосымша етиледи
Сатылып атырған ҳәм ислеп шығарыўда пайдаланып атырған металл прокатының ҳәр бир тобына ислеп шығарыўшы (импорт қылыўшы) тәрепинен сапа ҳаққындағы ҳүжжет қосымша етилиўи керек.
Сапа ҳаққындағы ҳүжжет техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы норматив ҳүжжетлер талапларына муўапықлығы бойынша сынаўлардың унамлы нәтийжелери тийкарында рәсмийлестириледи.
Бунда, ислеп шығарыўшыларда тийисли ислеп шығарыў лабораториясы болмаса, металл прокатын басқа сынаў лабораторияларында сынаўдан өткериўге жол қойылады.
8. «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик оқ-гильзотекасы искерлигин шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарарының пуқаралық ҳәм хызмет оқатар қуралын бақлаў тәртибинде алыў бөлеги күшке киреди.
9. Юридикалық шахслар биржа ағзалары сыпатында аккредитациядан өткериледи
Төмендегилерди нәзерде тутыўшы тәртип енгизиледи:
- товар сегментлери бойынша биржа саўдаларын өнимниң өзине тән қәсийетлерин есапқа алып ҳәм биржа ағзаларына пайдаланыў ҳуқықын берген ҳалда айырықша секцияларда өткериў;
- өнимди секция принципи бойынша сатыўды тәмийинлеў ҳәм брокерлик орынларды биржанын рәсмий веб-сайты арқалы усыныў бойынша ашық-айдынлық механизмин есапқа алған ҳалда, юридикалық шахсларды биржа ағзалары сыпатында аккредитациядан өткериў;
- биржа саўдасы қағыйдалары талапларына муўапықлығы бойынша искерлик көрсетиўши биржа ағзаларынын маманлық дәрежесин ҳәр 3 жылда турақлы анықлаў.
10. Ғәлле жетистириў қәрежетлерин финансластырыў ушын кредитлер ажыратылады
Фермер хожалықлары, ғәллешилик кластерлери ҳәм Туқымшылықты раўажландырыў орайы қурамына элита туқымшылық хожалықларының ғәлле жетистириў қәрежетлерин финансластырыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен 12 ай мүддетке шекем ғәлле жалпы өними улыўма баҳасының 40 процентине шекем болған муғдарда финансластырылғанда жыллық 10 процент, 50 процентке шекем болған муғдарда финансластырылғанда жыллық 12 процент ставкадан (соннан банк маржасы 2 процент) аспаған муғдарда кредитлер ажыратылады.
Мүлкшилик формасына қарамастан, тек ғана дәнди қайта ислеўши кәрханалар ҳәмде дәнди қайта ислеў қуўатына ийе болған ғәллешилик кластерлери тәрепинен республикада жетистирилген ғәллени сатып алыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен 12 ай мүддетке шекем 50 миллиард сўмға шекем муғдарда коммерциялық кредитлер ажыратылады.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими