Янгиликлар
01
Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилдиң тийкарғы ўазыйпалары белгиленди
«Бала ҳуқықларын қорғаў системасын жетилистириў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-4736-сан, 29.05.2020 ж.) қабыл етилди. Қарар менен, Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилдиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм искерлик бағдарлары белгилеп берилди.
Ўәкил БМШның Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясын орынлаў стратегиясын ҳәм бала ҳуқықлары мәселери бойынша басқа ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәмде әмелге асырыўда қатнасады ҳәм өз ўәкилликлерин ғәрезсиз ҳәмде мәмлекетлик органлары ҳәм олардың лаўазымлы шахсларына бойсынбаған тәризде орынлайды.
Ўәкил қолқатылмаслық ҳуқықынан пайдаланады ҳәм ол Олий Мәжлис палаталарының разылығысыз жынаий жуўапкершиликке тартылыўы, услап турылыўы, қамаққа алыныўы ямаса суд тәртибинде берилетуғын ҳәкимшилик жазаға тартылыўы мүмкин емес. Ўәкилге қарата жынаий ис тек ғана Бас прокурор тәрепинен қозғатылыўы мүмкин.
Ўәкилди мәжбүрий келтириўге, услап тырыўға жол қойылмайды. Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) Ўәкилдиң искерлигин муўапықластырып барады. Ўәкил ҳәр жылы 15-февралдан кешиктирмей Олий Мажлис палаталарына баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине мәмлекетлик органлары, соның ишинде ҳуқықты қорғаў органлары тәрепинен әмел етилиў жағдайы ҳаққында доклат усынады.
Ўәкил Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласыда өзиниң жәмийетшилик тийкарында искерлик жүритиўши аймақлық ўәкиллерге ийе болады.
Бала ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў мәселелери бойынша нызам ҳүжжетлери жойбарлары мәжбүрий тәртипте Ўәкил менен келисиледи.
Қарар менен Ўәкил жанында Бала ҳуқықларын қорғаў бойынша жәмийетшилик кеңеси шөлкемлестирилди ҳәмде оның тийкарғы ўазыйпалары белгиленди.
Еслетип өтемиз, Президенттиң тийисли қарары (https://lex.uz/docs/4302023) менен Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) орынбасары – Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил лаўазымы енгизилген.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими бас мәсләҳәтшиси
А.Отарбаев