Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

28

МӘМЛЕКЕТЛИК ЕМЕС КОММЕРЦИЯЛЫҚ ЕМЕС ШӨЛКЕМЛЕРИН САПЛАСТЫРЫЎ ТӘРТИБИНЕ ТҮСИНИК.


Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкмлерди сапластырыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң  2015-жылдың
15-январындағы «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди сапластырыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 5-санлы қарары менен тастыйықланған «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерин сапластырыў тәртиби ҳаққында»ғы Реже менен әмелге асырыў белгиленген.
Усы Режеменен мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерин, олардың юридик шахс есапланған бөлек бөлинбелерин, халықара ҳәм сырт ел мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем(кейинги орынларда МКШ деп жүритиледи)лериниң ўәкилханалары ҳәм филиалларын ықтыярий ҳәмде мәжбүрий сапластырыў, сондай-ақ, МКШлардың юридикалық шахс есапланбаған бөлек бөлинбелерин жабыў тәртибин белгилейди.
МКШди сапластырыў еки жағдай ықтыярий сапластырыў оның жоқарғы органы қарары менен, мәжбүрий сапластырыў – суд қарары тийкарында әмелге асырылады.
МКШ егер жәмийетлик фонд болғанда ықтыярий сапластырыў мәпдар шахстың арзасы тийкарында, судтың қарары менен белгиленген тәртип ҳәм мүддетлерде әмелге асырылады.
МКШди ықтыярий сапластырыў ҳаққында шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде ўәкиллик берилген жоқары органы қарар қабыл етеди. Қарарда сапластырыў комиссиясының қурамы, болса бөлек бөлинбелери дизими, бөлек бөлинбеге өз искерлигин тоқтатыў ҳәм сапласттырыў жумысларын баслаў ҳаққында көрсетпе, сапластырыўдың мөлшерленип атырған мүддети ҳәм кредиторлардың талаплары қандырылғаннан кейин қалатугын мал-мүлктиң тағдири ҳақкындағы толық мағлыўматлар көрсетиледи.
Сапластырыў комиссиясы қурамына мәмлекетлик органларының разылығы менен олардың қәнигелерин де киргизиўи мүмкин.
Сапластырыў комиссиясы қурамы ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм жоқары органы қарары үш жумыс күни даўамында МКШди дизимнен өткерген әдиллик органына усынады.
Сапластырыў комиссиясы қурамы дизимнен өткериўши орган менен келисилген ўақыттан баслап МКШди басқарыў бойынша бәрше ўәкилликлер оған өтеди.
МКШниң шөлкемлестириўшилери ҳәм басшы органы ағзалары үш жумыс күни даўамында МКШниң жумыслары менен байланыслы бәрше ҳүжжетлери, мөр ҳәм штамплары ҳәмде басқа да мал-мүлкин дизим бойынша сапластырыў комиссиясына тапсырыўлары шәрт.
Сапластырыў комиссиясы - сапластырыў жумысларын әмелге асырады ҳәм МКШниң кредиторлары ҳәмде бәрше хызметкерлери мәплерине әмел етилиўин тәмийинлейди, қарыздарлық орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлейди, исенимхатсыз МКШ атынан ўәкиллик етеди ҳәмде финанслық, төлеў-есап-китап ҳәм басқа ҳүжжетлерин имзалайды, МКШниң бәрше хызметкерлерине мәжбүрий болған буйрықлар ҳәм басқа ҳүжжетлер шығарады ҳәм өз ўәкиллигине киргизилген мәселелерди шешеди.
Сапластырыў комиссиясы қурамы келисилгеннен соң үш күн мүддет даўамында – хызмет көрсетиўши банкке ҳәм сырт ел валютадағы қәрежетлери жәмленетуғын ўәкилликли банкке ықтыярий сапластырыў ҳаққындағы қарар нусқасын ҳәмде сапластырыў комиссиясы баслығы имзасының үлгиси қойылған бетти, МКШниң миллий валютадағы депозит есапбетлерине хызмет көрсетиўши банклерге – оларды жабыў ҳәмде қалдықларын тийкарғы есапбетине өткериў ҳаққындағы арза-тапсырманаманы, МКШниң сырт ел валютадағы депозит есапбетлери ашылған банклерге – оларды жабыў ҳәмде қалдықларын ўәкилликли банкдағы сырт ел валютадағы депозит есапбетине өткериў ҳаққындағы арза-тапсырманамасын жибереди.
Сапластырыў комиссиясы қурамы келисилгеннен кейин – нызам МКШ хызметкерлери менен мийнетге байланыслы ҳуқықый қатнасықларды тоқтатыў, юридикалық шахс есапланбаған бөлек бөлинбелерди жабыў ис-илажын көреди, активлери ҳәм мәжбүриятларын белгиленген тәртипте хатлаўдан өткереди, қарыздар ретинде қатнасқан орынлаў ҳүжжетлери реестрин дүзеди, жыл басынан баслап МКШди сапластырыў ҳаққындағы дизимнен өткериўши орган хабардар етилген сәнеге шекем болған дәўирде МКШ тәрепинен төленетуғын салық ҳәм басқа мәжбүрий төлемлер бойынша есап-китапларды дүзеди, МКШниң дебиторлық қарызларын өндириў, кредиторларды анықлаў ҳәм оларды тастыйықнама алған ҳалда МКШниң сапластырылыўы ҳаққында жазба рәўиште хабардар етииў ис-илажларын көреди, бир яки бир неше дәўирли баспа басылымларда МКШниң сапластырылыўы ҳаққында дағаза берилиўин шөлкемлестиреди.
Дағазада МКШниң толық ҳәм қысқартылған аты, жайласқан орны (почта мәнзили), салық төлеўшиниң идентификация саны, дизимнен өткерилген сәнеси ҳәм дизимнен өткериўши орган ҳаққындағы мағлыўматлар (аты ҳәм мәнзили), МКШди сапластырыў ҳаққында қабыл етилген қарар ҳаққындағы мағлыўматлар (сәнеси, тәртип номери), кредиторлардың талаплары көрсетилген арзаларды қабыл етиў мүддети (мүддет көрсетип өтилген дағаза шыққан ўақыттан баслап еки айдан кем болмаўы керек).
Сапластырыў комиссиясы кредиторлар тәрепинен талаплар усынылыўы ушын белгиленген мүддет тамамланғаннан соң ҳәм мәмлекетлик салық хызмети органы тәрепинен өткерилген тексериў нәтийжелерин, дүзилген орынлаў ҳүжжетлери реестрин есапқа алған ҳалда аралық сапластырыў балансы жойбарын дүзеди ҳәм МКШниң жоқары органы тәрепинен тастыйықланады.
Сапластырыў комиссиясы аралық сапластырыў балансы тастыйықланғаннан кейин бес жумыс күни даўамында, тастыйықнаманы (қабыл етип алынған сәнеси ҳаққындағы белги, почта квитанциясы, жазба яки электрон хабар ҳәм сол сыяқлыларды) алған ҳалда ҳәр қайсы кредиторды оның талаплары тән алынғаны яки бас тартылғаны, тән алынған талаплар суммасы ҳаққында жазба рәўиште хабардар етеди.
Сапластырыў комиссиясы тәрепинен аралық сапластырыў баланысына муўапық, ол тастыйықланған күннен баслап кредиторларға нәўбет бойынша пул суммаларын төлеўди  әмелге асырады.
Биринши нәўбетте – пуқаралардың мийнетине байланыслы ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын, алиментлерди өндириў ҳәм авторлық шәртнамалары бойынша пул төлемлерине байланыслы талапларын, пуқаралардың турмысы ҳәм саламатлығына жеткерилген зыян ушын МКШ тийисли ўақытлық төлемлерди төлеп бериў жолы менен жуўап беретуғын талапларын қандырады.
Екинши нәўбетте – Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджетине ҳәм мәмлекетлик мақсетли жамғармаларына төлемлер төлейди.
Үшинши нәўбетте – басқа кредиторлардың талапларын календарь бойынша нәўбетли тәртипте төлейди.
Кредиторлардың талапларын толық көлемде қандырылыўы мүмкин емеслиги анықланған жағдайда сапластырыў комиссиясы МКШди банкрот деп тән алыў ҳақкындағы арза менен экономикалық судқа мүрәжат етиўи шәрт.
МКШ банкрот деп тән алынған ўақыттан баслап ықтыярий сапластырыў тоқтатылады ҳәм бунан кейинги тәртип қағыйдалар банкротлық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырылады.

Қарақалпақстан Республикасы
Әдиллик министрлигиниң
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес
шөлкемлери бөлими баслығы                
Отеулиев Абилкасим Отегенович