Янгиликлар
24
Нөкисте Ветеринария техникумы шөлкемлестирилди
Нөкисте Ветеринария техникумы шөлкемлестирилди
“Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ–4512-сан, 07.11.2019-ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, Қарақалпақстан Республикасында шарўашылықты жедел раўажландырыў бойынша комиссия шөлкемлестирилди.
Шарўашылықты раўажландырыўдағы исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, шарўашылық тараўына халықты кең тартыў, олардың шарўашылық пенен шуғылланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў Комиссияның тийкарғы ўазыйпаларынан етип белгиленди.
Қарар менен Самарқанд ветеринария медицинасы институтының Нөкис филиалы жанында Ветеринария техникумы шөлкемлестирилди.
Қарарға көре, Филиал бакалавриатына 2020/21-2022/23-оқыў жылларында қабыллаў параметрлерин қәлиплестириўде Бозатаў, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қоңырат районларында 5 жыл ислеп бериў шәрти менен усы районлар бойынша мәмлекетлик грант тийкарында айрықша мақсетли қабыллаў көрсеткишлери нәзерде тутылады.
Қарар менен, сондай-ақ, Қарақалпақстанда шарўашылықты раўажландырыўға байланыслы ис-илажлар дәстүри тастыйықланды.
Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими