Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

27

Икрамов Музраф Мубаракходжаевич Президент қарарына муўапық әдиллик министриниң орынбасары етип тайынланды


Икрамов Музраф Мубаракходжаевич Президент қарарына муўапық әдиллик министриниң орынбасары етип тайынланды

М. Икрамов 1973-жылда Ташкент қаласында туўылған, мағлыўматы жоқары, 1995-жылда Ташкент мәмлекетлик юридикалық институты (күндизги), 2007-жылда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекет ҳәм жәмийет қурылысы академиясын тамамлаған, қәнигелиги ҳуқықтаныўшы.
Ол өз мийнет искерлигин 1995-жылда Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги экономикалық реформа бойынша нызамшылық ҳәм норматив ҳүжжетлер жойбарларын таярлаў ҳәм ҳуқықый экспертиза қылыў басқармасы аға мәсләҳәтшиси лаўазымынан баслаған.
М. Икрамов 2015-2017-жылларда әдиллик министри, 2017-2019-жылларда Есап палатасы баслығы лаўазымларында ислеген.
2019-жылдан Қашқадәрья ўәлаяты әдиллик басқармасы баслығы лаўазымында ислеген.
Шаңарақлы. 3 перзенти бар.
Әдиллик министрлиги жәмәәти Музраф Мубаракходжаевичты усы тайынлаў менен қутлықлайды ҳәм келеси жумысларда табыслар тилейди.