Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

27

Бахром Тулкинович Кучкаров Президент қарарына муўапық әдиллик министриниң орынбасары етип тайынланды


Бахром Тулкинович Кучкаров Президент қарарына муўапық әдиллик министриниң орынбасары етип тайынланды

Б.Кучкаров 1972-жылда Наманган қаласында туўылған, мағлыўматы жоқары, 1994-жылда Ташкент мәмлекетлик юридикалық институтын, 1998-жылда Вашингтон ҳуқық колледжин (АҚШ), 1999-жылда Ташкент мәмлекетлик экономика университетин тамамлаған, қәнигелиги юрист, экономист.
Б.Кучкаров өз мийнет искерлигин 1994-жылда Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Экономика реформалар бойынша нызам ҳәм норматив ҳүжжетлер жойбарларын таярлаў ҳәм ҳуқықый экспертиза қылыў басқармасы аға мәсләҳәтшиси лаўазымынан баслаған.
2017-жылдан 2020-жыл 5-мартқа шекем Өзбекстан Республикасы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети баслығы лаўазымында ислеген.
Шаңарақлы. 4 перзенти бар.
Әдиллик министрлиги жәмәәти Бахром Тулкиновичты усы тайынлаў менен қутлықлайды ҳәм келеси жумысларда табыслар тилейди.