Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

21

Ҳәр бир мүрәжат - итибарда


Мүрәжат қылыў – пуқаралардыӊ әҳмийетли сиясий ҳуқықларынан бири есапланады. Мүрәжатлар арқалы халқымыздыӊ кейпияты, шәрт-шараяты, алып барылып атырған реформаларға мүнәсибетин билиў мүмкин. Мүрәжатларға мүнәсибет түптен өзгергени себеп ҳалықымыз мәмлекетлик уйымлары ҳәм лаўазымлы шахслар пуқаралар ҳәм жәмийет алдында жуўапкер екенлигин, ҳалықтыӊ мәпи үстин екенлигин сезе баслады.
Бул Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиӊ “Өзбекстан Республикасын еледе раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегияси ҳаққында”ғы Пәрманында мүрәжатлар менен ислесиў системасын түптен жетилистириўге қойылған ўазыйпаныӊ әмелде тәмийинлеп атырғаныныӊ нәтийжеси. Пәрманға муўапық ислеп шығылған «Физикалық ҳәм юридик шахслардыӊ мүрәжатлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызамы Нызамшылық палатасы тәрепинен 2017-жыл 15-августта қабыл етилди, Сенат тәрепинен 2017-жыл 24-августта мақулланған, 2017-жыл 11-сентябрьде 445-сан менен Президент Ш.М.Мирзиёев тәрепинен имзаланған, 2017-жыл 12-сентябрьде редакцияда жәрия етилди ҳәм күшке кирди.
Оған көре, жаӊа редакциядағы «Физикалық ҳәм юридик шахслардыӊ мүрәжатлары ҳаққында»ғы Нызамы тастыйықланды. 6 бап, 38-статьядан ибарат жаӊа редакциядағы нызамныӊ еӊ тийкарғы жаӊалығы оныӊ әмел қылыўы мәмлекет қатнасындағы шөлкемлергеде қаратылған.
Және бир тийкарғы жаӊалық – мүрәжатларды көрип шығыўдыӊ тийкарғы принциплери белгилеп қойылған. Нызамда дәстүрий принциплер менен бир қатарда мүрәжатларды өз ўақытында ҳәм толық көрип шығыў, мүрәжатларға қойылған талаплардыӊ бирдейлиги, мүрәжатларды көрип шығыўда бюрократизм ҳәм әўерегершиликке жол қоймаслық сыяқлы арнаўлы принциплер белгиленген. Гейде сондай ҳалатларда ушырасады, пуқара мүрәжатта үш яки төрт мәселени шешиўди сорайды, әмелде болса оныӊ тек бир талабы көрип шығылады. Соныӊ ушында нызамға “толық көрип шығыў” деген айырықша талап киритилген. Бундай жағдайларға жол қоймаслық мақсетинде жоқарыдағы принцип белгилеп қойылған.
Нызамға "Тийкарғы түсиниклер" деген жаӊа статья киритилген. Онда мүрәжатлар әмелиятында көп ушырасып атырған жаӊа түсиниклердиӊ мазмуны белгилеп берилген. Олар қатарынан “электрон мүрәжат”, “тәкирарый мүрәжат”, “аноним мүрәжат”, “мүрәжаттыӊ дубликаты”, “ғалабалық қабыллаў”, “видеоконференцбайланыс”, “мәмлекет қатнасындағы шөлкем” сыяқлылар орын алған.
Буннан тысқары, нызамда аўызеки мүрәжатлар реал ўақыт режиминде хабар-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда, сол қатары, мәмлекет уйымларыныӊ, шөлкемлериниӊ исеним, тез байланыс телефонлары арқалы ҳәм видеоконференц байланыс қуралында берилиўи мүмкинлиги белгиленеди. Булардыӊ барлығы мүрәжат етген шахслардыӊ ҳуқықларын қорғаў, олар тәрепинен көтерилген мәселелер нызам шеӊберинде көрип шығылыўына кепил хызмет қылады.
Нызамда Халық ҳәм виртуал қабыллаўханалар, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Халық қабыллаўханалары ҳәм Виртуал қабыллаўханасы, олардыӊ тийкарғы ўазыйпалары, Президент Халық қабыллаўханаларыныӊ ҳуқық ҳәм мәжбүриятлары, Президенттиӊ Виртуал қабыллаўханасы тәрепинен мүрәжатларға байланыслы мәселелер бойынша реал ўақыт режиминде мәсләҳәтлер бериў, мәмлекет уйымларыныӊ, шөлкемлериниӊ ҳәм лаўазымлы шахсларыныӊ виртуал қабыллаўханаларын шөлкемлестириў сыяқлы мәселелер нызамнан тәртипке салынғанлығында. Әлбетте, бул пуқаралардыӊ ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўға, Президенттиӊ Халық қабыллаўханалары ҳәм Виртуал қабыллаўханасы статусын нызам жолы менен жәнеде беккемлеўге, олардыӊ ҳуқықый тәсир ҳәм имкан шеңберин жәнеде асырыўға хызмет қылады.
Ҳәзирги ўақытта бир қатар уйымлар өзлериниӊ виртуал қабыллаўханаларын шөлкемлестирген. Мүрәжатлерди қабыл қылыўдыӊ бундай жағдайын нызам менен беккемлеў мақсетинде нызамныӊ 14-статьясында халық пенен туўрыдан-туўры байланысты шөлкемлестириў, мүрәжатлардыӊ көрип шығылыўы үстинен системалы мониторинг ҳәм қадағалаўды әмелге асырыў, сондай-ақ, мүрәжатлар менен ислесиўде заманагөй хабар-коммуникация технологияларынан пайдаланыў мақсетинде мәмлекет уйымлары, шөлкемлер ҳәм олардыӊ лаўазымлы шахслары өз виртуал қабыллаўханаларын шөлкемлестириў мүмкинлиги белгилеп қойылған.
Бизге мәлим, ҳәр қандай исте табыс гиреўи бул – тәртип-интизамныӊ туўры жолға қойылғаны есапланады. Бунда болса ис жүритиў тәртибин туўры жолға қойыў тийкарғы әҳмийет болады. Мүрәжатлар менен ислесиўде түрли әмелиятқа шек қойып, бирден-бир тәртип орнатыў мақсетинде нызамға айырықша “Мүрәжатлар бойынша ис жүритиў” деп аталған жаӊа статья киритилген. Онда мәмлекет уйымы, шөлкем яки олардыӊ лаўазымлы шахсқа келип түскен мүрәжат усы күнниӊ өзинде, ис ўақыты жуўмақланғаннан кейин келип түскен тәғдирде болса, кейинги ис күни дизимнен өткериўи лазым.
Мүрәжатты дизимнен өткериўден бас тартыўға жол қойылмайды Мәмлекет уйымларында, шөлкемлерде мүрәжатларды дизимнен өткериў дәптери жүритилип, онда мүрәжаттыӊ тәртип номери ҳәм келип түскен сәнеси, мүрәжат етиўши физикалық шахстыӊ фамилиясы (аты, әкесиниӊ аты), юридик шахстыӊ аты, мүрәжаттыӊ қысқаша мазмуны, орынлаўшы туўрысындағы белги, сондай-ақ, басқа мағлыўмат көрсетиледи.
Нызамныӊ 26-статьясында мүрәжат етиўшини еситиў, деген жаӊа процессуал ҳәрекет киритилген. Онда мүрәжатты көрип шығып атырған мәмлекет уйымы, басқа шөлкем яки олардыӊ лаўазымлы шахслары өз интасына көре ямаса мүрәжат етиўшиниӊ илтимасына көре оны естиўди шөлкемлестириўи мүмкин. Мәмлекет уйымы, шөлкем яки олардыӊ лаўазымлы шахслары мүрәжат етиўшиге мүрәжатта көтерилген мәселелер бойынша өз пикирин билдириў ҳәм мүрәжат бойынша қосымша хабар усыныў имканиятын бериўи, мәмлекет уйымы, шөлкем яки олардыӊ лаўазымлы шахслары мүрәжат етиўшини еситиўге экспертлерди, қәнийгелерди ҳәм мәпдар шөлкемлердиӊ ўәкиллерин қатнастырыўы мүмкин.
Жуўмақлап айтқанда, усы нызам мүрәжатлар менен ислесиўде, оныӊ түп әҳмийетине халық мәмлекет уйымларына емес, бәлким мәмлекет уйымлары халықымызға хызмет қылыўы кереклиги сиӊдирилген.


Тахтакөпир районлық әдиллик
бөлиминиң бас мәсләҳәтшиси                    
Р.Курбанов