Янгиликлар
20
МҮРƏЖАТ ЕТИЎ – ПУҚАРАЛАРДЫҢ ЕҢ ТИЙКАРҒЫ СИЯСИЙ ҲУҚЫҚЛАРЫНАН БИРИ
Ɵзбекстан Республикасында ҳəр бир шахстың мəмлекетлик уйымларға, шɵлкемлерге яки халық ўəкиллерине мүрəжат етиў ҳуқықы конституциялық нормалардан бири есапланады.
Атап айтқанда, Ɵзбекстан Республикасы Конституциясының 35-статьясына тийкар, ҳəр бир шахс тиккелей ɵзи ҳəм басқалар менен биргеликте ўəкилликли мəмлекетлик уйымларға, шɵлкемлерге яки халық ўəкиллерине арза, усыныс ҳəм шағымлар менен мүрəжат қылыў ҳуқықына ийе. Арзалар, усыныслар ҳəм шағымлар нызамда белгиленген тəртипте ҳəм мүддетлерде кɵрип шығылыўы шəрт.
Мүрəжат етиў – пуқаралардың ең тийкарғы сиясый ҳуқықларынан бири болып есапланады. Бул пуқаралардың мүрəжатлары арқалы ҳалқымыздың шаңарақлық жағдайын, жасаў тəризин, мəмлектимизде алып барылып атырған реформаларға мүнəсибетин билиўимиз мүмкин. Сонлықтан, мүрəжатты кɵрип шығып атырған хызметкерден жуўапкершилик, мүрəжат етиўшиден мəденият талап етиледи. Мүрəжат қылыўға байланыслы усы конституциялық ҳуқықтан ҳəр бир шахстың тең пайдаланыў имкəнияты толық жолға қойылып, “Халық мəмлектлик уйымларға емес, мəмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек” деген принцип мəмлекет ҳəм жəмийетке енгизилди.
Мəмлекетлик уйымлары ҳəм мəмлекетлик шɵлкемлерге, сондай-ақ олардың лаўазымлы шахсларына физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары тараўындағы қатнасықлары Ɵзбекстан Республикасы “Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары ҳаққында”ғы Нызам менен тəртипке салынады.
Нызамға муўапық, бүгинги күнде физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары нызамлылық, ɵз ўақтында ҳəм толық кɵрип шығыў, мүрəжатларға қарата талаплардың теңлиги, физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳəм нызамлы мəплерине əмел етилиўи, мүрəжатларды кɵрип шығыўда бюрократизмге жол қоймаў, мүрəжатларды кɵрип шығыўда мəмлекетлик уйымлары, шɵлкемлери ҳəм олардың лаўазымлы шахслары жумысларының ашықлығы принципи тийкарында əмелге асырылмақта.
Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатларын кɵрип шығыў тараўында Əдиллик уйымларына Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-апрель күнги ПҚ-3666-сан қарары менен тастыйықланған “Ɵзбекстан Республикасы Əдиллик министрлиги ҳаққында”ғы Режеге тийкар, пуқаралардың ɵз ҳуқықлары ҳəм еркинликлери мəмлекетлик уйымлары ҳəм шɵлкемлери тəрепинен бузылыўы ҳаққындағы мүрəжатларды бийтəреп ҳəм ҳəр тəреплеме кɵрип шығылыўын тəмийинлеў, оларға қарата нызам ҳүжжетлерине муўапық шаралар кɵриў ўəкиллиги берилген.
Усы тийкарда, Қарақалпақстан Республикасы Əдиллик министрлиги тəрепинен физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатларын нызамда белгиленген мүддетлерде, ҳəр тəреплеме ҳəм бийтəреп кɵрип шығылыўын тəмийнлеў, олардың бузылған ҳуқықларын тиклеў ҳəм нызамлы мəплерин қорғаўға айрықша итибар қаратылмақта.
ПУҚАРАЛАР МҮРƏЖАТЫНДА КƟРСЕТИЛГЕН МƏСЕЛЕ ҚАЙСЫ УЙЫМДА ШЕШИЛИЎИН БИЛИЎИ ОҒАДА ЗӘРҮР!
Ҳақыйқатында физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатларында кɵрсетилген мəселе анық ҳəм сол мəселени шешиў ўəкиллигине ийе мəкемеге туўры жолланған болса, мəселе тез ҳəм анық ҳал қылынады.
Бирақ, айрым пуқараларымыз тəрепинен мүрəжатында кɵтерилген мəселе менен тиккелей шуғылланбайтуғын мəкемелерге де арза ҳəм шағымлар жолланылыўы, яғный қандай мəселени қайсы мəкеме көрип шығыўын ойлап отырмастан, туўрыдан-туўры қəлеген мəкемеге арза ҳəм шағымлар жолланып атырғанлығын кɵриўимиз мүмкин. Бул ɵз нəўбетинде сол мəкемеде ислеп атырған қанша хызметкер əўере болыўына, энергия ҳəм қағаз ысырап болыўына ҳəмде бир мəкеме қанаатландыратуғын мəселе артынан екинши
бир басқа мəкемелер онлап хатлар жазыўға мəжбүр болады.
Мысал ушын пуқаралардың бəнтлигин тəмийинлеў əдиллик уйымларының ўазыйпасына кирмейтуғынлығын яғный, жумыс излеп мүрəжат қылған пуқаралар, сондай-ақ тийисли аймақтағы бос жумыс орынлары (вакант лаўазымлар) есабын жүритиў район (қала) халық бəнтлигине кɵмеклесиў орайларының тийкарғы ўазыйпаларынан бири екенлигине итибар қаратпастан 2019-жыл даўамында пуқаралардан бул мəселеде министрликке кɵплеп мүрəжатлар келип түскенлигин кɵриўимиз мүмкин.
Негизинде мүрəжатында кɵрсетилген мəселени шешиўге ўəкилликли болған уйымға жазылған мүрəжат ɵз ўақтында ҳəм бийтəреп кɵрип шығылады.
Кимлердир буны билип-билмей, мүрəжатында кɵрсетилген мəселениң ɵз ўақтында емес бəлким ардан белгили ўақытлар ɵткеннен кейин шешеилиўине ҳəм сол пуқараның ɵзиниң артықша əўере болыўына себепши болса, екинши тəрептен басқа мəкеме хызметкерлериниң артықша əўере болыўына себеп болады.
ЖОҚАРЫ ТУРЫЎШЫ УЙЫМЛАРҒА БИР ЎАҚЫТТЫҢ ӨЗИНДЕ МҮРƏЖАТ ЖОЛЛАЎ ҚАНШАЛЫҚ ДУРЫС?
Əмелиятта пуқаралар ɵз машқалаларын негизинде шешиў ўəкиллигине ийе болған мəкемелерге биринши мүрəжат етпестен, тағыда бирнеше жоқары турыўшы уйымларына мүрəжатларды жоллап атырғанлығын кɵриўимиз мүмкин.
Атап айтқанда, пуқаралардың ɵзин-ɵзи басқарыў уйымларынан напақа алыў, пенсияларын қайта есаплаў ҳəмде майплықты белгилеў бойынша мүрəжатлар биринши нəўбетте сол мəселени шешиў ўəкиллигине ийе болған тийисли мəкемеге яғный, пуқаралардың ɵзин-ɵзи басқарыў уйымларына, Бюджеттен тысқары пенсия қоры районлық бɵлимлерине ҳəмде медицина мəкемелерине биринши нəўбетте мүрəжат етпестен пуқараларымыз тəрепинен жоқары турыўшы уйымларға мүрəжат жоллаў жағдайлары ушырамақта.
Негизинде жоқары турыўшы уйымларға мүрəжат жоллаўға қəжет жоқ,
себеби алдын сол мəкемелерге мүрəжат етиў, егер олардан ҳеш қандай жуўап ҳəм нəтийже болмаса, кейин жоқары мəкемелерге мүрəжат жолланса, мақсетке муўапық болады.
Сондай-ақ, айрым пуқараларымыз тəрепинен арза ҳəм шағымлар бир неше мəкемелерге жиберилип қайта-қайта мүрəжат қылып атырғанлығы болса, мүрəжатлардың тийкарсыз кɵбейиўине алып келеди.
Усы орында, пуқараларымыздан ең алды менен, мүрəжатта кɵрсетилген мəселени анық баян етиўин ҳəмде мүрəжатында кɵрсетилген мəселени шешиў ўəкиллигине ийе болған тийисли мəкемеге мүрəжатларды жоллаўын сорап қаламыз.
Е. УТЕПОВ
Əдиллик министрлиги Инсан ҳуқықларын қорғаў бɵлими баслығы