Янгиликлар
20
Нызамшылықтағы жаңалықлар
Органикалық азық-аўқат өнимлери ислеп шығарыўды раўажландырыў бойынша концепция тастыйықланды
«Аўыл хожалығы өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлик көрсеткишлери халық аралық стандартларға муўапықлығын тәмийинлеўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында» Президент Пәрманы қабыл етилди.
Пәрман менен Өзбекстан Республикасында органикалық аўыл хожалығы ҳәм органикалық азық-аўқат өнимлери ислеп шығарыўды раўажландырыў концепциясы ҳәм концепцияны әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» тастыйықланды.
Аўыл хожалығы министрлиги органикалық өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм оптимал аўыл хожалығы әмелияты (Global G.A.P.) шеңбериндеги барлық мәпдар шөлкемлер искерлигин муўапықластырыў ҳәм тартипке салыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик органы етип белгиленди.
Пәрманға муўапық, органикалық аўыл хожалығына өткерилген жер участкаларында егинлерди жайластырыў органикалық стандарт талапларын есапқа алған ҳалда илимий тийкарланған алмасып егиў схемаларына муўапық әмелге асырылады ҳәм егинлерди жайластырыўда мәмлекет араласыўына жол қойылмайды.
2020-жыл 1-октябрге шекем органикалық аўыл хожалығы ҳам ислеп шығарыў системасыларын халық аралық стандартлар тийкарында шөлкемлестириў бойынша «органикалық аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳаққында»ғы Нызам жойбары ислеп шығалады.
Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде «Органикалық аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, сақлаў ҳәм қайта ислеў» бағдарындағы қәнигелер таярлаў ушын оқыў-методикалық материаллар ислеп шығылады ҳәм 2021-2022 оқыў жылынан баслап усы бағдарда студентлер қабыл етиў жолға қойылады.
Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими