Bog'lanish

Telefon
(+998 55) 101-10-08

Elektron manzil
qoraqalpoq@adliya.uz

Habar yuborish
Ishonch telefoni 1008

Янгиликлар

19

Билесизбе


Газ тәмийинаты шөлкеми төмендегилерге мәжбүр: ⬇️(http://lex.uz/docs/3505789)

Тутыныўшыларға қолланбалар бериў ҳәм ханада орнатылған газ приборларынан қәўипсиз пайдаланыў мәселелери бойынша еслетпени тапсырыў. Еслетпеде газ тәмийинаты шөлкеминиң авария зыщмети телефоны номерлери көрсетиледи.

-тастыйықланған кестелер ҳәм тарифлер бойынша тутыныўшылардың ишки газ тармақлары ҳәм газден пайдаланыў үскенелерин төмендеги мүддетлерде техникалық тексериўден өткериў ҳәм оларға профилактикалық хызмет көрсетиў:
- көп квартиралы турақ жайлардағы газ плиталар, басқа газ приборлары болмағанда – еки жылда бир мәрте;
-турақ жайлардағы газ плиталары, ысытыў, суў ысытыў приборлары – жылда бир мәрте, профилактикалық хызмет көрсетиў – ҳәр бир ысытыў мәўсими басланыўынан алдын.

- Тастыйықланған тарифлер бойынша тутыныўшылардың жазба ямаса электрон буйыртпалары тийкарында газден пайдаланыў үскенелерин төмендеги мүддетлерде оңлаў:
- тәбийий газ қысып шығыўында - дәрҳал;
- аўқат таярлаў ушын мөлшерленген газден пайдаланыў үскенелериниң насазлығында – бир күн даўамында;
- ысытыў мәўсиминде ысытыў ушын мөлшерленген газден пайдаланыў үскенелериниң насазлығында – бир күн даўамында;
- ыссы суў ҳәм ысытыў ушын мөлшерленген газден пайдаланыў үскенелериниң насазлығында (ысытыў мәўсиминен тысқары ўақытта) – еки күн даўамында;
- газден пайдаланыў үскенелерин алмастырыўда – бес күн даўамында.

Ҳуқықый үгит нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими